Дурыс, 10 жыллардай алдын да Нөкис қаласына басқа аймақлардан мыңлаған ийне жапырақлы ҳәм басқа да саяманлы терек нәллери алып келинип, егилген. Тилекке қарсы, бул нәллердиң жүдә аз бөлеги өсип раўажланған.

– Нөкис қаласының 22-киши районында халық тилинде «троллейбус жолы» деп аталатуғын жолдың бойында алдынлары пиядалар жолы да жоқ еди, дейди нөкисли Азат аға Нейетуллаев. –Бирақ, кейинги 5-6 жыл ишинде жолдың бойына дәслеп саяманлы терек нәллери егилип атырғанында шынын айтқанда, биз олардың өнип кетиўине гүманланған едик. Бирақ, бурынғы салмалары қайта тикленип, ағын суў келди, нәллер турақлы түрде тәрбияланды. Көгермейди, деп гүманланған нәллер ҳәзир 5-6 метрге созылып, бир ўақытлары шор басып жатырған орынлар сая-салқын мәнзилге айланған. Заманагөй пиядалар жоллары, отырғышлар қурылды. Бүгин күнниң қайсы ўақты болмасын, бул мәнзилде нураныйлар, жаслар жүргенин, дем алып отырғанын көремиз. Үйим усы жерге жақын. Дерлик ҳәр күни айланаман, теректи әлпешлеп атырғанлар менен сәўбетлесемен. Сондай сәўбетлердиң биринде бул нәллер дерлик барлығы көгерип кеткениниң себебин сорадым. Олардың айтыўынша, алдынлары басқа ўәлаятларда жетистирилген саяманлы терек нәллери егилген болса, кейинги жыллары бул нәллер Нөкистиң өзинде таярланбақта. Нәллер топырақ ҳәм климат шараятына сәйкес орында жетистирилгени ҳәм суўғарыў тармақларының тиклениўи себепли бурынғыға қарағанда көпшилик бөлеги өсип раўажланбақта, деген еди олар. Аўа, олардың гәпинде жан бар. Бүгин қаламыздың қайсы мәнзилине бармаң жасыллықты, жайнап өсип атырған тереклерди көрип көзиңиз қуўанады.

Ғайрат Отажанов,

Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен журналист

Қарақалпақстан хабар агентлиги