ФОТОРЕПОРТАЖ

Қарақалпақстан Республикасында ҳаял-қызлардың жәмийеттеги абырайын арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаў, потенциалын жүзеге шығарыўы ушын шараят жаратыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Тақыятас районы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйынында бүгинги күнде жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж жәми 189 ҳаял-қыз «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген. Олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеў тийкарғы итибарда.

Атап айтқанда, аўылда шөлкемлестирилген «Раъно ателье» өндирислик кооперативи де 5 жумыссыз ҳаял-қызлардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинледи. Субсидия есабынан заманагөй тигиў үскенелерине ийе болған ҳаял-қызлар халықтан келип түсетуғын буйыртпалар тийкарында ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер тигиў менен шуғылланбақта. Тийкарғысы, олар турақлы дәрамат дәрегине ийе болып, өз шаңарағының абаданлығына үлес қоспақта.

 

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги