Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң әмелдеги баслығы, Арқа Македония сыртқы ислер министри Буяр Османиди қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан менен ЕҚБШ арасындағы парламентлераралық байланыслар, гендер теңлик, инсан ҳуқықлары, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў сыяқлы бағдарлардағы көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

Кейинги жылларда ЕҚБШ менен бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлести ҳәм қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгенин айтып өтиў керек.

Усы жылдың апрель айында қабыл етилген 2023-2024-жылларда Өзбекстан Республикасында ЕҚБШ жойбарларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»нда нәзерде тутылған қәўипсизлик, экономикалық-экологиялық ҳәм социаллық раўажланыў, климаттың өзгериўи, гендер раўажланыў сыяқлы бағдарлардағы илажлар табыслы әмелге асырылып атырғаны айрықша атап өтилди.

2022-жылы биринши рет ЕҚБШ Парламентлик ассамблеясы шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қазақстан баслама еткен «ЕҚБШның БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыў» резолюциясы қабыл етилди. Онда ТРМды әмелге асырыў, инклюзивликти арттырыў ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў тараўында анық усыныслар бар.

Усы көзқарастан ушырасыўда ЕҚБШ Парламентлик ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, «жасыл» экономика ҳәм климаттың өзгериўине қарсы гүресиў, гендер теңлик мәселелери бойынша өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша қоспа илажларды әмелге асырыў бойынша пикир алысылды.

Буяр Османи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған демократиялық жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар процесслерин қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға өз үлесин қосыўға таяр екенин билдирди.

Н. Абдураимова, ӨзА