Ҳиндстанда Эрис атлы коронавирустың жаңа субвариантын жуқтырыў жағдайлары анықланды. Бул ҳаққында The Economic Times хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта усы ковид түри Уллы Британияда кең тарқалмақта. ЕГ.5.1 штаммы коронавирустың омикрон түринен келип шыққан болып, ол биринши мәрте 2023-жылдың мартында анықланған, июль айында болса Британияда белгиленген.

Дәслеп штамм қәўетерге себеп болмаған, бирақ оның тарқалыў тезлиги, кесел болғанлар санының көбейиўи буның керисин көрсетпекте.

Ҳиндстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги мағлыўматларына бола, өткен сутка даўамында мәмлекетте 54 жаңа коронавирус тасыўшысы анықланған, ақыбетте пүткил мәмлекет бойынша кеселленгенлер саны 1574ке жеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги