Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев видеоконференцбайланыс түринде суў хожалығы системасы шөлкемлериниң басшылары, мәлимлеме технологиялары ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў бойынша бас қәнигелери ҳәм жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң ўәкиллери менен суў хожалығы объектлерине санлы технологияларды қурыў және бул бойынша жүзеге келип атырған машқалаларды шешиў бойынша пикир алысты.

Бул жумысларды әмелге асырыўда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер, машқалалар сын көзқараста талқыланып, өткерилген додалаўларда орынлардағы жуўапкер қәнигелерге ҳәм қурылыс шөлкемлери ўәкиллерине аймақларда цифрлы технологияларды енгизиў бойынша прогноз көрсеткишлер орынланыўын тәмийинлеў ҳәм «Ақыллы суў» қурылмаларын интеграциялаў бойынша тапсырмалар берилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы ПҚ-5005-санлы қарары менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген Cтратегиясы» ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 1-апрельдеги «Суў ресурсларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарарында ирригация системаларында суў ресурсларынан пайдаланыўды санлы технологиялар жәрдеминде «онлайн» режиминде бақлаўды енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

Видеоконферентбайланыс түринде өткерилген додалаўдан соң система шөлкемлериниң мәлимлеме технологиялары ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў бойынша қәнигелери, соның менен бирге, аймақта «Ақыллы суў» қурылмаларын орнатыў жумыслары менен шуғылланап атырған “ TRADE AND SALES PROFESSIONAL” ЖШЖ жумысты бөлип алып ислеў шөлкеми хызметкерлериниң қатнасыўында Нөкис районында көргезбели семинар өткерилди.


Нөкис районындағы ирригация тармақларына ҳәзирги ўақытта “TRADE AND SALES PROFESSIONAL” ЖШЖ жумысты бөлип алып ислеў шөлкеми тәрепинен «Ақыллы суў» қурылмалары орнатылып атыр. Семинар қатнасыўшыларына санлы технологияларды енгизиўдиң әҳмийети ҳәм ислеў системасы ҳәм интеграциялаў ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Соның менен бирге, семинар қатнасыўшылары усы қурыўшы кәрхана менен рәсмийлестирилген шәртнамаға тийкарланып қурылып атырған «Ақыллы суў» технологияларын орнатыў процесинде де қатнасып, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги