Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов пенен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы қатнасықлар, соның ишинде, Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, социаллық, мәденият, туризм бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм әсирлер даўамында даўам етип киятырған қатнасықларды еле де беккемлеў мәселелери сөз етилди.

Сондай-ақ, бүгинги күнде саўда-экономикалық байланысларды беккемлеў бойынша өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлердиң экспорт көлемин арттырыў, бар  инфраструктура имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша пикир алысты.


Бүгинги күнде Қазақстан Республикасы менен экономикалық байланысларды еле де кеңейтиў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек. Аймақлық жақтан республикамыз бенен шегаралас жайласқанлығы, өнимлерди экспорт етиўде темир жол, автомобиль жолы ҳәм ҳаўа жолы арқалы тиккелей бирге ислесиў мүмкиншилигиниң бар екенлиги, өз-ара мәдений байланыслардың жақсы раўажланғанлығы бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыўға кең имканият береди. Усы тийкарда бирге ислесиўлер де раўажланып бармақта.

Өткерилген ушырасыўда усы сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында пикир алысып, Қазақстан Республикасының айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамкулов жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди.

Жоқарғы Кеңес Баслығы өз-ара бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша республика басшылары бәрқулла таяр екенлигин, экспортты кеңейтиў ҳәм саўда байланысларын беккемлеў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги