Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң сайтында «Электрон сигаретлер қурамында темеки жоқ, бирақ денсаўлық ушын зыянлы ҳәм қәўипли» делинген хабар жайластырылды.

Есабатта темекиден пайдаланыўға қарсы гүресиўде тек ғана Бразилия ҳәм Түркия жоқары көрсеткишке ийе болып киятырған еди. ЖДСШның 2021-жылы жәрияланған есабатында олардың қатарына Маврикий ҳәм Нидерландия да қосылғаны айтылады.

ЖДСШ есабатында айтылыўынша, изертлеўлер шеңберинде тек ғана мәмлекетлерде шегиўге қарсы гүресиў нызамлар тийкарында алып барылып атырғаны, емес, ал темеки саўдасының көлеми де үйренилген. Мәселен, 87 процент мәмлекетлер нызамшылықта шегиўге қойылған қадаған етиўлерди бузғанларға жәрийма енгизилген. Бирақ олардың үштен бири бул нызамның орынланыўына қаржы ажыратқан.

Европада шегиў себепли өлиўшилик дизимге алынбақта, делинеди ЖДСШ есабатында. Егер профилактика жумыслары нәтийжели алып барылғанда еди, шегиў себепли емлеўханаларға рак, жүрек-қан тамыр ямаса респираторлы кеселликлерден шағым етип келетуғын адамлар саны азаятуғын еди, делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги