Елимизде соңғы жылларда пуқаралар жыйынларының структурасында бир қатар өзгерислер әмелге асырылып, мәҳәллелерде ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси лаўазымлары енгизилип, орынларда жаңа тәртипте жумыс алып барылмақта. Әлбетте, бул жаңалықлар орынлардағы жумыслардың сапасын арттырып, жеделлестирип, аймақлардың раўажланыўына, халықтың турмыс тәризиниң жақсыланыўына хызмет етпекте.

Соның ишинде, ҳәким жәрдемшисиниң тийкарғы ўазыйпасы, халық ишине кирип, оларға қулақ түрип, олардың машқалаларын үйрениў, сапластырыўдан ибарат. Себеби, ҳәким жәрдемшилериниң барлық жумысы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған.

Төрткүл районындағы Марказобод МПЖ да 340 шаңарақ болып, 510 хожалықта 1867 адам жасайды. Аймақтағы 190 шаңарақтың жәми 7,4 гектарлық қыйтақ жери бар. Мийнетке жарамлы 1141 адамның 711 и жумыс пенен тәмийинленген.

Жақында бул жерде ҳаял-қызлар дәптерине киргизилген ҳаял-қызларға, соның ишинде, Марказобод МПЖ аймағында жасаўшы Шохида Джумабаеваға ҳәким жәрдемшиси Акмалжан Қошқаровтың жәрдеминде кредит алып берилди.

– Елимизде соңғы жылларда исбилерменликти, әсиресе, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, кең имканиятлар жаратылмақта. Мен де жас исбилерменлердиң қатарына қосылып, тигиўшилик бойынша шаңарақлық исбилерменлигимди жолға қойып, енди өз жумысымды баслап атырман,-дейди Шохида Джумабаева. – Ҳәким жәрдемшиси мениң мақсетим ҳәм келешектеги режелерим менен жақыннан танысып, «Агробанк»тиң районлық филиалынан «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 33 миллион cумлық жеңиллетилген кредит алыўыма жәрдем көрсетти. Бул ушын оған өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Келешектеги мақсетим – исбилерменлик жумысларымды еле де раўажландырыў ҳәм сол арқалы мәҳәллемиздеги жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиў.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, ҳәким жәрдемшиси буннан басқа аймағындағы «Ҳаял-қызлар дәптери»не дизимге алынған 13 ҳаял-қызға бир неше бағдарда шаңарақлық исбилерменлигин жолға қойыўы ушын 176 миллион сумлық жеңиллетилген кредитлердиң ажыратылыўына жәрдем көрсеткен.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги