Бүгинги күнде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесине ағза 1984 басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлеринде 314 мыңнан аслам кәсиплик аўқам ағзалары 12 тараўда мийнет етпекте. Cоннан, 24 кәсиплик аўқамы комитетлериниң баслықлары тийкарғы жумысынан азат етилген болса, қалғанлары жәмийетлик басламада жумысшылардың мәпин қорғаўға ҳәрекет етпекте.

Кәсиплик аўқамларының тийкары болған басланғыш шөлкемлерге  итибар қаратыў, олардың жумысларын жетилистириў кәсиплик аўқамлары жоқарғы уйымларының ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болғанлықтан, бүгинги күнде баслы итибар басланғыш шөлкемлердеги ҳәр бир хызметкердиң социаллық қорғалыўдан шетте қалмаўы, мүлкшилик түрине қарамастан, барлық кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде басланғыш шөлкемлердиң дүзилиўи ҳәм жәмәәтлик шәртнамаларға қол қойылыўы, олардың орынланыўы бойынша мийнет жәмәәти алдында есап берип барылыўын тәмийинлеў мәселелерине қаратылып келинбекте.

Ҳәр еки жылда бир мәрте өткерилетуғын «Ең үлгили басланғыш шөлкем» таңлаўы да оның тараўлық республика басқышларында қатнасқан ҳәм жумыслары үлгили тәризде  жолға қойылған басланғыш шөлкемлердиң жумысларын кеңнен ен жайдырыў, орынлардағы басланғыш шөлкемлердиң жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, кәсиплик аўқамлары алдында турған ўазыйпаларды ҳәм келешектеги режелерди белгилеў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўды шөлкемлестириў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қаласындағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Онда таңлаўдың тараўлық республика басқышында жеңимпаз болған 100 ге шамалас ағзалары, басланғыш шөлкемлер өз-ара беллести. Олар көргизбеге қойылған өз жумысларын сәўлелендириўши ҳүжжетлер (кәрхана, шөлкемде қол қойылған жәмәәтлик шәртнамалардың көширмелери, кәсиплик аўқам комитети ҳүжжетлер ҳәм т.б.) ҳәм басқа көргизбели қураллардан кең пайдаланып, өзлери әмелге асырған жумысларын мультимедиа, сүўретлер, баннерлер ҳәм видеороликлер арқалы көрсетти.







Таңлаўдың ашылыў мәресиминде  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси баслығының орынбасары М.Дәнияров шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа тийкарынан халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге, олардың исенимин ақлаўға қаратылғанын айрықша атап өтип, тараўда ерисилип атырған жетискенликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде көплеген жаңалықлар, өзгерислер, жаңаланыўлар жүз бермекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен мәмлекетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар ҳәм илажлар адамларда үлкен исеним пайда етпекте. Олардың исбилерменлик кейпияты және де көтерилип, өзлериниң пуқаралық позициясын беккемлеп, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ҳәр бир инсанның қатнасыў имканиятлары кеңеймекте.

Ҳуқықый демократиялық принциплерге тийкарланған елимизде заман талапларына сәйкес раўажланыў басқышларында жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм басқа да пуқаралық институтлардың ролиниң күшейиўи – елимизде пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў, демократияластырыў бойынша ҳәм мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилиги менен тең қәдем таслаўында тийкарғы фактор болмақта.

Кәсиплик аўқамлары елимиздеги демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған  реформалардың мазмун-мәнисине сәйкес түрде өз жумысларын шөлкемлестирип, социаллық шериклик принципине  тийкарланған үш тәреплеме сөйлесиўлер жүргизиўлер арқалы жәмәәтлик келисимлерди  қабыл етиў жумысларын алып бармақта.

Илажда таңлаўдың тараўлық республика басқышында 1-, 2-, 3-орын жеңимпазлары Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.







Аймақлық жуўмақлаўшы илажда белсене қатнасқан  басланғыш шөкемлерден Қоңырат районы медицина бирлеспесиниң кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы Г.Мәденова «Ең  шырайлы көргизбе шөлкемлестирген  басланғыш  шөлкем», «Қарақалпақцемент» ЖШЖ ның кәсиплик аўқамы комитетиниң баслығы А.Мадаминов «Жумысларын ең жақсы көрсете алған басланғыш шөлкем» номинациясы бойынша жеңимпаз болып, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги