Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ашхабад қаласында Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов пенен сөйлесиў өткерди.

Ушырасыўда мәмлекет басшылары туўысқан халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларына тийкарланған Өзбекстан-Түркменстан тереңлескен стратегиялық шериклик қатнасықларының әҳмийетли мәселелерин додалады.

Әмелий бирге ислесиў барлық бағдарларда кеңейип баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлер табыслы әмелге асырылмақта. Ҳүкиметлер, министрлик ҳәм уйымлар арасындағы байланыслар системалы түрге енген.

Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў кеңеймекте. «Шават-Ташавуз» қоспа саўда зонасын қысқа ўақыт ишинде иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Биргеликтеги кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў, аймақлар арасындағы алмасыўлар ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

ӨзА