Қубла Кореяда болып атырған Пүткил жер жүзилик скаутлар конгресиниң жүзлеген қатнасыўшылары мәмлекетте узақ ўақыттан берли даўам етип атырған ҳәдден тысқары ыссы себепли емлеўханаға түсти.

The Guardian хабар бериўинше, сол ҳәпте басланған илажда 158 мәмлекеттен 43 мың скуат қатнасқан. Бирақ биринши күнниң ақырына келип, кеминде 400 адамда бас аўырыўы, бас айланыўы ҳәм шаршаў сыяқлы ыссылық пенен байланыслы белгилер бақланған.

Сәршемби күни ыссы ҳаўа-райына байланыслы 207 жағдай жүз берген. Тийкарынан, дем алыў орнының ашылыў мәресиминде 108 адам өзин жаман сезип, емлеўханаға алып барылған.

Анық болыўынша, илаж өткерилетуғын аймақта тәбийғый сая кем, әтирап түрли шатырлар менен қапланған. Ҳәптениң ақырына шекем Кореяда ыссылық 35 дәреже әтирапында сақланып қалыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги