Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Ашхабад қаласына келди.

Аэропортта мәмлекетимиз басшысын Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов күтип алды. Уллы мәртебели мийманның ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Бүгин Түркменстан пайтахтында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан Президентлериниң үш тәреплеме саммити болып өтеди.




ӨзА