Пентагон ҳәм Қытай сыртқы ислер министрлигиниң ўәкиллери еки мәмлекеттиң қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўи мәселесин додалады, деп хабар тарқатты АҚШ Қорғаныў министрлиги.

Күни кеше Ян Тао Вашингтонда мәмлекетлик хаткердиң Шығыс Азия ҳәм Тыныш океаны регионы мәселелери бойынша жәрдемшиси Дэниел Критенбрик ҳәм Миллий қәўипсизлик кеңесиниң бас директоры Сара Беран менен ушырасты. Усы ўақытқа шекем Пентагондағылар ҚХР қорғаныў уйымларының ўәкиллери америкалы кәсиплеслери менен байланыспай атырғанын айтып атырған еди.

Додалаўда «Америка-Қытай қорғаныў тараўындағы мүнәсибети ҳәм регионаллық қәўипсизлик» тийкарғы тема болған. Пентагон АҚШ ҳәм ҚХР әскерлери байланыс каналларын ашық ҳалда сақлаў нийетин де билдирген.

ӨзА