Украина мектеплеринде сентябрьден баслап жаңаланған «Украинаны қорғаў» пәни енгизилип, оқыўшыларға дронды басқарыў, медицинаға шекем жәрдем көрсетиў, орынды анықлаў бойынша сабақ бериў басланады, деди мәмлекет билимлендириў министри Оксен Лисовой.
«Украинаны қорғаў» пәнин жаңалаў үстинде жумыс басладық. Сапалы медицинаға шекем жәрдем көрсетиў, мина қәўипсизлиги, дронды басқарыў, орынды анықлаў көнликпелерине талап бар. Соның ушын, сентябрьден жаңаланған пән сынақ жойбарын иске қосыў мөлшерленбекте»,-деп жазған Лисовой.
Оның атап өтиўинше, муғаллимлер бағдарламаны әмелге асырыў алдынан қайта оқытылады. Оның ушын халықаралық структуралар, жәмийетлик шөлкемлер тартылады.
«Атап айтқанда, «FPV» дронлары симуляторы менен ислей алатуғын, топография, медицинаға шекем жәрдем ҳәм ҳәр қыйлы жарақатлардың алдын алыў бойынша қәнигелескен тренерлик сабақ өтиўи мүмкин»-деп қосымша еткен Лисовой.
ӨзА