Қытайда балалар онлайн ойынды азлаў ойнаўы ушын оларға телефоннан пайдаланыўды шеклеў режелестирилмекте. Бул ҳаққында Reuters хабар берди.
Басламаға бола, 18 жасқа толмағанларға саат 22:00 ден 06:00 ге шекем мобиль интернеттен пайдаланыў қадаған етиледи. Қытайдың Кибермәкан админстрациясы мобиль қурылма сатыўшыларынан телефонларда сондай режимди сазлаў кереклигин айтты.
Смартфонлардың өзинен пайдаланыў ўақты да шекленген болады, яғный 8 жасқа шекемгилер күнине 40 минутқа шекем, 16-17 жастағылар болса 2 саатқа шекем пайдаланыўы мүмкин.
Телефон ҳәр ярым саатта пайдаланыўшыға тәнепис етиў зәрүр екенлигин еслетиўи керек.
Қағыйдалар жойбары Қытайдың онлайн ойынларының балалар ҳәм жас өспиримлерге тәсирин шеклеў сыясатының даўамы болып есапланады. Рәсмийлер буны 2023-жылдың сентябрине шекем додалайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги