Ферғана қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 28-июль күни аймақларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

-Биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен-ақ инсан қәдирин улығлаўды ең жоқары қәдирият сыпатында тән алдық. Жаңаланған Конституциямызда да Өзбекстан ҳуқықый мәмлекет екенлигин белгилеп қойдық. Бирден-бир мақсетимиз – әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы халқымызды разы етиў,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Оның ушын ўәкилликли структураларға барлық шараятлар жаратылмақта. Соңғы еки жыл ишинде ҳуқық қорғаў жумысына байланыслы 10 нызам, 40 қа шамалас Президент пәрманы ҳәм қарарлары, 60 тан аслам ҳүкимет қарарлары қабыл етилди. Ҳуқық қорғаў уйымлары, әсиресе, ишки ислер хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы кескин арттырылды ҳәм көплеген жеңилликлер берилди. «Мәҳәлледеги беслик» ушын 30 мыңнан артық жаңа штатлар киргизилди. Себеби, халықтың тынышлығын тәмийинлеў мәҳәлледен басланыўы керек.

Бирақ өткен 6 айда мәҳәллелерде ерте алдын алыў мүмкин болған 12 мыңға шамалас жынаят жүз берген. 9 мың 500 ге шамалас мәҳәллениң 1 мың 500 инде криминоген жағдай бар.

Жынаятшылықты азайтыў ҳәм халық пенен ислесиўде немқурайдылыққа жол қойылғанлығы ушын Бас прокурордың биринши орынбасары, ишки ислер министриниң биринши орынбасары ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик ушын жуўапкер орынбасарына «сөгис» жәрияланды.

Сергели, Янгиҳаёт, Шайхонтоҳур, Ғиждувон, Когон, Топарыққала, Тахтакөпир, Тамды, Яккабағ, Алтынсай, Зафарабад, Боёвут, Гүлистан, Мыңбулақ, Алтынкөл районлары ишки ислер бөлими баслықлары, Әндижан, Бандихан, Бувайда, Нарпай, Юнусабад районларының прокурорлары ийелеп турған лаўазымынан босатылды.

Бизге белгили, Нөкис қаласындағы «Алтын жағыс» мәҳәллесинде жынаят жолына кириў итималы жоқары халық пенен жаңаша ислесиў системасы енгизилди. Оған бола, бундай категорияға кириўши халық «социаллық профилактика» принципи тийкарында «мәҳәлле беслиги»не атпа-ат бириктирилди. Бирақ бул системаны пүткил мәмлекетте енгизиў төмен шөлкемлестирилген.

Енди мәҳәлледе жынаятшылықты қысқартыў бағдарында жаңаша жумыс тәртибине өтилетуғыны белгиленди. «Социаллық профилактика» бойынша мәҳәлле жуўапкерлериниң ўазыйпалары ҳәм методикасын ислеп шығыўға көрсетпе берилди.

Ўәлаят – район – мәҳәлле кесиминде социаллық ҳәм криминоген машқалаларды санластырыў арқалы «Социаллық жағдай» мәлимлеме системасын, сондай-ақ, «112» оператив номери ҳәм диспетчерлик системасын иске қосыў ўазыйпасы қойылды.

Жынаят ислеген шахслардың ҳәр үшиншисин жаслар қурап атырғаны өкиниш пенен атап өтилди. Соның ушын жәмлеспеген жаслар менен бирден-бир қатнас тийкарында ислесиўди жолға қойыў мақсетинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы басшылығында Уйымлараралық кеңес дүзилетуғын болды. Бул кеңес жаслар менен мәнзилли ислесиў бағдарламаларын әмелге асырады.

Шаңарақлық келиспеўшиликлер, ҳаял-қызлар жынаятшылығы жағдайларына да итибар қаратылды. Социаллық-турмыслық машқаласы бар шаңарақлар менен ислесиў – мәмлекетлик уйымлардың биринши гезектеги ўазыйпасы болыўы керек екенлиги атап өтилди. Енди аўыр турмыслық жағдайға түскен шаңарақларға жәрдем бериў бойынша «социаллық хызмет иси» ашылады. «Қәўипсиз шаңарақ» принципи тийкарында айрықша жумыс системасы жолға қойылады.

Жәмийет қәўипсизлигин тәмийинлеўге байланыслы жаңа методикаларды ислеп шығыў, ҳуқық қорғаў хызметкерлериниң билим ҳәм көзқарасын жоқарылатыў бойынша тапсырма берилди.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги жағдайынан адамлар пүткиллей наразы екени көрсетип өтилди.

Мәселен, өткен алты айда 4 мыңға шамалас автоавариялар исленип, 873 шахс қайтыс болған, 3,5 мыңнан артығы жарақат алған.

48 процент ҳәдийселерге жол инфраструктурасындағы кемшиликлер себеп болған. Пиядаларға зәрүр шараяты жаратылмағаны ақыбетинде усы жылы олардың қатнасыўында 1 мың 859 ҳәдийсе жүз берип, 334 пияда қайтыс болған.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда тәртипти күшейтиў бойынша басламаларды алға қойды. «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги – жәмийетшилик қадағалаўында» принципи тийкарында жылына кеминде еки мәрте социаллық сораў өткериў жолға қойылады. «Автожол» ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигине жуўапкер басшылар парламент ҳәм кең жәмийетшиликке ҳәр ярым жылда есап берип барады.

Енди, жолдағы дислокация түсинигинен ўаз кешилип, барлық жол-патруль хызмети хызметкерлери ушын мәҳәллелерди қамтып алыўшы жуўапкершилик аймағы белгилеп қойылады.

Мәжилисте ҳуқық қорғаў уйымы хызметкери деген атқа дақ түсирип атырған айырым басшылар жумысына тоқтап өтилди. Олардың ҳәрекетлерине нызамлы баҳа бериўге көрсетпе берилди.

Додаланған мәселелер бойынша ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери мәлимлеме берди.

Президент Шавкат Мирзиёев өткен жылы Ферғана қаласындағы «Жаңа Өзбекстан» массивиниң қурылысын барып көрген еди. Ўәлаятқа бул ретки сапары ўақтында жумыслардың барысы және бир мәрте көзден өткерилди.

Ҳәзирги күнде 300 гектарлық үлкен майданда жедел қурылыс кетпекте. Бул жерде 65 мыңнан аслам халыққа мөлшерленген 298 көп қабатлы турақ жай қурылады. Халық тығыз жасайтуғын қала ҳәм ўәлаят ушын бул әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе.

Быйыл массивте 73 турақ жай қурылмақта. Олардың дәслепкилери пайдаланыўға тапсырылып болды.

Сондай-ақ, аймақта мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери, саўда ҳәм турмыслық хызмет шақапшалары, спорт комплекси бой тиклейди. 50 гектарда шөлкемлестирилетуғын киши санаат зонасы халқын жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Массив өзине тән экоқала болады – 70 гектар майданда «Жаңа Өзбекстан бағы» ҳәм жасалма көл жаратылады. Бос майданларға да тереклер егилип, жасалма көл әтирапында шырайлы парк шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы массивтеги социаллық-экономикалық жойбарларға инвесторларды тартыў, хызмет түрлерин көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Усының менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды.

ӨзА