Усы жыл 29-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 30-июль – Халықлар дослығы күни байрамы ҳəм усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы”ның ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Соңғы жыллары елимизде Халықлар дослығы күни байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келмекте. Ҳәр жылы Президентимиз тəрепинен көп миллетли халқымызға айрықша ҳүрмет көрсетилип, бир қатар Ўатанласларымыз “Халықлар дослығы” көкирек белгиси менен сыйлықланып, миллий-мәдений орайларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атыр.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлераралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта.

Бүгинги күнде елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери бир мақсет жолында бирлесип, ана-Ўатанымызды буннан былай да раўажландырыў жолында аянбай мийнет етип, жоқары табысларды қолға киргизип келмекте.

Илаж даўамында бир қатар ўатанласларымызға көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.










Байрам илажы көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги