Усы жыл 29-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың басшылығында халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша илажларға арналған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Онда азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлери баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды керекли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, усы жылдың гүзги-қысқы мәўсими ушын жәми 50 мың тонна тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери резервин таярлаў режелестирилген болып, талап етилетуғын қаржылардың есап-санағы ислеп шығылмақта. Сондай-ақ, картошка резервин жаратыў бойынша шәртнамалар дүзилип, реже тийкарында қоймаханаларға жайластырыў илажлары алып барылмақта.

Азық-аўқат өнимлери резервин қәлиплестириў ушын жәми 56 мың 70 тонналық сыйымлықтағы музлатқыш ҳәм қоймаханалар болғаны менен айырым районларда бул жумысларды жолға қойыў тәмийинленбеген. Жумыс алып барып атырғанларының да ислеў жағдайлары үйренилгенде музлатқыш ҳәм қоймаханалары жарамсыз және ҳәрекетсиз турғанлығы анықланған.

2023-2024 жылларда гүз-бәҳәр мәўсими ушын азық-аўқат өнимлери резервин жыйнаў ушын қала ҳәм районлар тәрепинен тастыйықлап берилген жәми 209 исбилерменлик субъекти қәлиплестирилген, бирақ, бул субъектлердиң резервке жыйнаў имканиятын үйрениў жумысларында да қәте-кемшиликлерге жол қойылған.

Халқымызды гүзги-қысқы мәўсимде сапалы ҳәм арзан азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, баҳалардың турақлылығын сақлап турыў мақсетинде “Нөкис арзан өнимлер” өнимлерди таярлаў кәрханасына тийисли қаржылар ажыратылып, базарларымызға азық-аўқат өнимлерин алып келиў, музлатқышларда сақлаў ҳәм зәрүрлигине қарап сатыўға шығарыў бойынша бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп алынды.



Мәжилисте бир қатар әҳмийетли мәселелер сын көзқараста көрип шығылып, жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги