Усы жыл 30-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыз аймағындағы экспорт пенен шуғылланыўшы исбилерменлер менен пикирлесиў, олардың өз жумысын алып барыўында ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша олар менен ушырасты.

Бүгинги күнде елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириў ҳәм сырт еллер менен саўда байланысларын орнатыўда экспортёр исбилерменлердиң тутқан орны айрықша. Оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар мүмкиншиликлер жаратылып, имканиятлар берилип атырған бир ўақытта айырым машқалалар да ушыраспақта.

Жоқарғы Кеңес Баслығы сәўбетлесиў барысында исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады ҳәм олардың ҳәр бириниң қоллап-қуўатланатуғынлығын, жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли жаза шарасы қолланылатуғынлығын, экспортёр исбилерменлердиң жумысын жетилистириў бойынша барлық илажлар көрилетуғынлығын атап өтти.









Ушырасыўда орынларда экспортқа қолайлы өнимлерди жетистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сырт мәмлекетлер менен саўда байланысларын күшейтиў, ислеп шығарылып атырған өнимлер экспортын кеңейтиў мәселелери сөз етилди. Өз гезегинде исбилерменлер тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди ҳәм ҳәр бир машқала Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды.

Ушырасыўда ўазыйпалар белгиленип, экспорт көлемин кеңейтиў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги