Президент Шавкат Мирзиёев 27-июль күни аўыл хожалығы ҳәм санааттағы ири жойбарлар, жаңа өндирис қуўатлылықлары ҳәм мәҳәллелердиң турмысы менен танысыў мақсетинде Ферғана ўәлаятына келди.

Ҳәр бир аймақтың «өсиў ноқатлары»н раўажландырып, адамларға жумыс орны ҳәм дәрамат дәрегин жаратыў – мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы мақсети. Алтыарық районында дийқаншылық усындай таяныш тараў. Бул жердиң адамлары өним жетистириў ҳәм оны экспорт етиўдиң дәстүрине ийе болған.



Бурын бул районда да пахта ҳәм бийдай көп егилетуғын еди. Мәмлекетимиз басшысының идеясы менен аўыл хожалығы егинлери мәпдарлық, базар талаплары тийкарында өзгертилди. Онда тек ғана егиўге еркинлик берилместен, ал ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Президентиниң мийўе-овощ тараўында қосымша қун шынжырын жаратыў, жүзим жетистириўди раўажландырыўда кластер системасын енгизиў ҳаққындағы қарарлары бул тараўға жаңа имканиятлар ашты. Хожалықларға субсидиялар берилди, алдынғы технологияларды тартыў мәмлекет тәрепинен хошаметленди. Бул имканиятлар нәтийжесинде бүгин жүзим жетистириў үлкен тармаққа айланды, бундай хожалықлар көбейип бармақта.

2020-жылы районда «Хайрулло Баҳром Бойматов» фермер хожалығы тәрепинен 75 гектарда жүзим жетистириў плантациясы шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысы усы жүзим бағын келип көрди.

Бул жерде «Ҳусайни», «Келинбармақ», «Ризамат», «Мерседес» сыяқлы жүзим сортлары жетистирилмекте. Олар келеси жылдан толық өнимге киреди ҳәм жәми 3 мың тонна жүзим жетистириледи.

Бурынлары бул майданда пахта егилип, орташа 25 центнерден өним алынған. Енди жүзимниң баҳасы менен салыстырғанда, бир гектардан дәрамат дерлик 10 есеге артқан.

Және бир әҳмийетли тәрепи, фермер хожалығында мәўсимлик жумыслар менен бирге 700 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Олар күнине 200 мың сумға шекем мийнет ҳақысын алады.



Президентимиз жасларға ҳәм жумыссыз пуқараларға жүзим тәрбиясын үйретип, олар менен кооперация тийкарында жүзим жетистириў, оған сырт еллердеги ўатанласларымызды да тартыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Бағда, сондай-ақ, алма, черешня ҳәм ерик нәллери, бир қатар араларына ғарбыз, қаўын, помидор, бурыш, болгар бурышы ҳәм басқа да овощлар егилген. Булар да халықтың дәраматы, елимиздиң экспортын арттырыў ушын қосымша дәрек болмақта.

Бағ жанында 2 мың тонна сыйымға ийе болған суўытқышлы қоймахана қурылған. Бул жерде өнимлер сақланып, таңлап алынып, Түркия ҳәм ҒМДА мәмлекетлерине экспорт етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы елимизде климаты жүзим жетистириўге сай районлар көп екенин атап өтип, оларда да Алтыарық тәжирийбесин енгизиў, жүзим жетистириўди көбейтиў бойынша көрсетпе берди.

Президентимиз Бағдад районындағы Қытай мәҳәллесинде болып, халықтың турмысы менен жақыннан танысты.

Бул жерде 2 мың 800 ге шамалас халық жасайды. Адамлар қыйтақ жерден үнемли пайдаланады. Ҳаял-қызлар тигиўшилик пенен шуғылланады. Шарўашылық, қусшылық, балықшылық үй-рузыгершиликке берекет дарытқан.

Оннан аслам саўда дүканлары, мебель қурылысы кәрханасы, шаштәрезхана, тигиўшилик ҳәм өнерментшилик устаханаларында халық жумыс пенен бәнт. Сондай-ақ, жаслардың спорт пенен шуғылланыўы ушын жақсы шараят бар. Мәҳәлледе соңғы еки жылда бирде-бир жынаят жүз бермеген.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде жасайтуғын Абдуғаффор Ҳалиловтың шаңарағында болып, мәҳәлле ўәкиллери менен сәўбетлести.


– Бүгин келип, Ферғанадағы раўажланыўды, мәҳәллелердеги шараятты көрип қуўандық, – деди Шавкат Мирзиёев. – Реформаларды ҳәр бир инсан өз турмысында сезиниўи ушын барлық жумысларды төменги системада шөлкемлестирип атырмыз. Ферғана ўәлаятында 1062 мәҳәлле бар. Олардағы машқалаларды, мүтәж шаңарақлардың талап-нийетлерин орнында шешип, адамларды разы етиў зәрүр. Барлық басшылар дүньяға көзқарасын өзгертип, халқымызға мүнәсип болып, мийнет етиўи керек.

Қызғын сәўбетте нураныйлар кейинги жылларда мәҳәллениң келбети жақсыланғаны, «Ашық бюджет» басламасы арқалы көшелер абат болғанын айтты. Атап айтқанда, 5 километр ишки жолға асфальт төселген. Электр тармақлары ҳәм трансформатор жаңаланған.

Президент сәўбетте билдирилген пикирлерди қоллап-қуўатлап, мәҳәлле уйымын оңлаў, мектеп ушын қосымша имарат қурыў бойынша көрсетпелер берди. Жасларды оқытыў ҳәм өнер үйретиў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги ҳаққында сөз етилди.

«Қоқанд» еркин экономикалық зонасында онлаған кәрханалар нәтийжели жумыс алып бармақта. Жақында бул жерде «BNBM Building Materials Central Asia» кәрханасы ашылды.

Президент Шавкат Мирзиёев Ферғана ўәлаятына сапары шеңберинде бул кәрхананы көзден өткерди.

Кәрханаға 30 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы қаратылып, жылына 30 миллион квадрат метр гипсокартон ҳәм 4 миллион квадрат метр декоратив гипсокартон ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылды. 200 жаңа жумыс орны енгизилди.

Усы жерде Ферғана ўәлаятында жаңа комплекслерди иске қосыў мәресими болды. Булар – Бешариқ районындағы «Ферғана Ясин қурылыс затлары», Учкўприк районындағы «Моллис» ҳәм «Прокер», Риштон районындағы «Чинор плюс – 2020», Таслақ районындағы «Экспо коллор прин текс», Ферғана районындағы «Баҳодир Лоғон текстиль», Өзбекстан районындағы «Цемент шийки зат саўдасы», Қўштепа районындағы «Глобал Текстайл Инфинити» кәрханалары, сондай-ақ, қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм кардиология илимий-әмелий орайларының филиаллары болып есапланады.

Буннан кейин, Президенттиң басшылығында инвестицияларды тартыў, санаат ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис болып өтти. Видеобайланыс арқалы оны Қарақалпақстан Республикасының басшылары, барлық ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимлери де бақлап барды.

Сайлаўалды ушырасыўында халықтың турмыс шараятларын және де жақсылаў, ўәлаят экономикасына жедел инвестициялар тартып, халықтың дәраматларын арттырыў бойынша үлкен шеклер алынғаны атап өтилди.

– Алдымызда еле жети жыл бар, бул жумысларды ертең ямаса кейинги жылдан баслаймыз, деген министр ямаса ҳәким қатты алжасады. Себеби адамларымыз сайлаўалды бағдарламаларда көтерилген ҳәр бир баслама бойынша анық нәтийжелерди бүгиннен күтип атыр. Егер ең жоқарыдан баслап, мәҳәллеге шекем жумыс өзгермесе, барлық дәрежедеги басшылар «ҳәр бир жаңа күн – жаңа имканият» деп жумыс ислеўге үйренбесе, ўақытты қолдан жиберип қоямыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент тиккелей сырт ел инвестициясын тартыў бойынша Ферғана ўәлаятындағы айырым район ҳәм қалалардың көрсеткишлериниң қанаатландырарсыз екенлигин көрсетип өтти.

Мысал ушын, Ферғана қаласында өткен жылдың алты айында тек ғана 25 миллион доллар инвестиция киргизилген болса, усы жылы бул сан дерлик 12 миллион долларды қурамақта. Марғилан қаласында, Өзбекстан, Бағдад, Таслақ районларында тиккелей сырт ел инвестицияларының көлеми өткен жылғы көрсеткиштиң ярымына да жетпейди.

Бир ўақытлары  санаат бойынша алдынғылардан бири болған Ферғана ҳәзирги ўақытта республикада 12-орынға түсип қалғаны көрсетип өтилди. Санаат потенциалы жетерлише иске қосылмай атыр. Мысал ушын, биринши ярым жыллықта санаат көлеми Таслақта 17, Қоқандта 3 процентке, Алтыарықта 1,3 процентке ҳәм Қувада 1,2 процентке азайған.

Халықты арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша да жағдай жақсы емес. Усы жылы ўәлаятта қурылысы режелестирилген 212 турақ жайдан бүгинги күнге шекем тек ғана 42 си пайдаланыўға тапсырылған.

Ўәлаятта хызмет тараўының раўажланыўы да қанаатландырарлы емес.

Улыўма етип айтқанда, ўәлаятта 2022-жылдың алты айында жумысын тоқтатқан кәрханалар саны 2,5 мыңды қураған болса, бүгинги күнде бул көрсеткиш 14,5 мыңға жеткен.

Жыл басында республика бойынша 60 район төртинши ҳәм бесинши категорияларға киргизилип, оларды экономикалық раўажландырыў бойынша өз алдына бағдарлама басланды. Ферғанада бул категорияларға кирген Фурқат, Ёзёвон ҳәм Сўхтағы исбилерменлер өткен алты айда 30 миллиард сум муғдарында салық жеңилликлеринен пайдаланған. Бирақ бул районларда нәтийже көринбей атыр. Жағдай жақсыланыўдың орнына, олардағы исбилерменлердиң түсими өткен жылға салыстырғанда азайып кеткен.

Санаат зоналарында үлкен майданлар бос турғаны, ўәлаяттағы 19 район ҳәм қала ҳәкимлери оларды исбилерменлерге берип, бар имканиятлардан пайдаланылмай атырғаны сынға алынды.

– Сонша бос орынлар турып, ҳәкимлер санаат зоналары ушын аўыллық жерлер қатегориясын өзгертиў бойынша мүрәжат етиўден шаршамай атыр. Ең ашынарлысы, ўәлаятта өндириси болған мәмлекетлик объектлерди меншиклестирип, олардың орнында жеке тәртиптиеги турақ жайлар қурып жибериў жағдайлары бар, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бас прокуратура, Кадастр агентлигине бундай жағдайларды тексерип, нызам үстинлигин тәмийинлеў тапсырылды. Буннан былай, санаат мақсетлери ушын мөлшерленген жерлер категориясын өзгертиў бойынша қарарлар тек ғана Ҳүкимет комиссиясының келисими менен әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Дийқанларға егислик жерлерди ижараға бериў жумыслары да атына шөлкемлестирилгени, жасаў орнынан ямаса суўдан алыс жерлер ажыратылып атырғаны көрсетип өтилди. Өткерилген сораўлар нәтийжесине бола, 32 процент жер ийелерине район ҳәкимлиги тәрепинен ҳеш қандай жәрдем көрсетилмеген. Инфляцияны қысқартыў, базарларда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлар да қанаатландырарсыз екени атап өтилди.

Жумыстағы кемшиликлер, жумысларды керекли дәрежеде шөлкемлестирилмегени ушын ўәлаят, қала ҳәм районлар  дәрежесиндеги бир қатар басшылар лаўазымынан азат етилди.

Ўәлаяттың иске қосылмаған имканиятларын анықлаў ҳәм оларды әмелге асырыў бойынша ҳәр бир район ҳәм қалаға республикадан жуўапкерлер бириктирилген. Олар тәрепинен 2 миллиард доллар муғдарында қосымша резеврлер анықланған ҳәм исбилерменлер менен ушырасып, жойбарлар қәлиплестирилген.

– Егер ҳәкимлер ўақыт ажыратып, исбилерменлер менен ушырасып, олардың дәртин, басламаларын тыңласа ўәлаяттағы районлардың ҳәммеси жылдың ақырына шекем биймәлел кеминде 100 миллион доллардан инвестиция тартыўы мүмкин, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәмлекетимиз басшысы Қува ҳәм Бешариқ районлары мысалында бул имканиятларды көрсетип өтти.

Президент Ферғанада басланған бул тәжирийбени барлық аймақларда жолға қойыў ушын жылдың ақырына шекем мобилизация жәриялады. Ҳәр бир район ушын жылдың ақырына шекем кеминде 100 миллион доллардан инвестиция тартыў ўазыйпасы қойылды.

Минимал тутыныў қәрежетлериниң муғдары 500 мың сумнан 570 мың сумға арттырылғаны себепли Ферғанада және 9 мың шаңарақ кәмбағал категориясына қосылды. Сол себепли жуўапкерлерге бул шаңарақлардың ҳәр бирине ҳәким жәрдемшилерин бириктирип, олардың дәраматын арттырыў илажларын көриў тапсырылды.

Ферғанада халыққа дийқаншылық ушын аукционға шығарылып, талапкер анықланбаған 1 мың 157 гектар егислик жерлерди халық ушын қолайлы аймақларға алмастырыў, бул жерлерде кеминде 15 мың жумыс орнын жаратыўға көрсетпе берилди.

Мәжилис жуўмағында аймақ ҳәм тараўлардың басшылары есабат берди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Маъсуджон СУЛАЙМАНОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары