Усы жылдыӊ 26-июль күни халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда қала ҳәкими лаўазымына Данияров Абатбай Сапарбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.

Усынылған талабанды қалалық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымында ислеп келген Данияров Абатбай Сапарбаевич Нөкис қаласы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.




Өз гезегинде А.Данияров өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин қаланы ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усыныӊ менен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң гезексиз алпыс алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги