Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының муқаддес китапларды кемситиўши ҳәр қандай әмелди қаралап, бундай ҳәрекет халықаралық ҳуқық нормасының бузылыўы сыпатында тән алынған резолюцияны тастыйықлады.
Маркоштың басламасы менен қабыл етилген ҳүжжет БМШ Бас Ассамблеясында бир даўыстан қабыл етилди.
Қарарда «адамларға диний тийислилиги ямаса исениминен келип шығып, олардың диний тымсаллары – муқаддес китаплары, мүлки, турақ жай, кәрхана, мектеп, мәденият орайларына қарсы қаратылған ҳәр қандай зорлық ҳәрекети кескин қараланады. Ямаса жөнеп кетиў орны, сондай-ақ, диний мәнзил зиярат етиў орынға ҳәр қандай ҳүжим қадаған етиледи.
Ҳүжжет авторлары мусылманлардың муқаддес китабы – Қуранға қарсы ҳәрекетти қаралап, бундай әмелди «диний жек көриўшилик ҳәрекети» мыпатында тәрийплеген.
25-июль күни Египет ҳәм Түркияның Копенгагендеги елшиханаларында Қуран нусқасын жағыў акциясы болып өтти. Мине, усындай ҳәдийсе бир күн алдын Ирақ елшиханасының жанында да өткерилген еди.
ӨзА