Онда Өзбекстан журналистикасын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў режеси билдирилген.

Өзбекстан журналистлер аўқамы I миллий баянатын жәриялады. Онда соңғы жети жыл ишинде журналистика тараўында ерисилген жетискенликлер санап өтилген.

Сондай-ақ, кейинги жыллары әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар көрсетип өтилген.

Соның ишинде:

– Өзбекстанда журналистика тараўын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў;

– Президенттиң «Өзбекстан Журналистлер аўқамының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбарын таярлаў;

– 2023-2024-жыллары аўқамның 60 қа шамалас ағзасы сырт еллер ҒХҚларында тәжирийбе арттырыўын ҳәм стажировка өтеўин, абырайлы медиа илажларда қатнасыўын тәмийинлеў;

– аўқам тәрепинен 2024-жылдың биринши ярым жыллығында Ташкент қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытай медиаструктуралары бирге ислесиў байланысларын беккемлеў ҳәм раўажландырыўға бағышланған халықаралық конференция өткериў.

Қарақалпақстан хабар агентлиги