Усы жылдыӊ 25-июль күни халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс жетинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына Султанов Бахрам Бегдуллаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Сессияда Султанов Бахрам Бегдуллаевич Қанлыкөл районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.

Б.Султанов усы күнге шекем “Өзсанаатқурылысбанк” акционерлик коммерциялық банки мәмлекетлик бағдарламалар жойбарлары менен ислесиў департаменти директорының орынбасары лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған.

Өз гезегинде Б.Султанов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.



Усыныӊ менен халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесиниң гезексиз алпыс жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги