Әмиўдәрьяның суўы ылайлы болғанлығы себепли, егислик майданларға суўды жеткерип бериў ушын қазылған каналлар менен жап-салмаларды ўақты-ўақты менен ылайлы шөгиндилерден тазалап турыў талап етиледи. Бул жумысты кейинге қалдырыўға болмайды. Жақын жылларға шекем усындай жумыслардың көпшилиги кейинге қалдырылып, машқалалар жыйналып қалған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң өткен жылы 23-24-февральдағы республикамызға сапары даўамында Аралбойының суў тәмийнатын жақсылаў, суў тәмийнатындағы машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди. Соның ишинде, «Тақыятас» гидроузелиниң жоқары бьефин ылайдан тазалаў жумыслары да белгиленген.

Бул гидроузель 1974-жылы пайдаланыўға тапсырылған болып, оның қақпақлы бөгетиниң алдында жыйналып қалыўы мүмкин болған ылай шөгиндилер Әмиўдәрьяның суўы өзиниң тәбийғый муғдарында болған жылларда гидравликалық усылда жуўылып турған.

– Бирақ, соңғы жыллардағы регионымызда бақланып атырған суўдың жетиспеўшилиги себепли гидроузельдиң жоқары бьефи узақ ўақыт даўамында суўдың дәрежесин жоқары дәрежеде услап турыў режиминде ислеген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов. – Нәтийжеде, гидроузельдиң жоқары бьефи ылай шөгиндилер менен көмилип, дәрья аңғарының үлкен бөлегинде шөгиндилер, жаға бойлап қамыс ҳәм басқа өсимликлер пайда болған.

Магистрал каналларға суўды жеткериў, дәрьяның төменги бөлегине жетерли муғдарда суўды өткериў қуўатлылығы төменлеп кеткен еди.

Өткен жылдың сентябрь айында «Шаффоф қурилиш» платформасы арқалы тийисли тәртипте усы жумысларды әмелге асыратуғын жумысты бөлип алып ислеўши «Бунёдкор Мерос» ЖШЖ менен шәртнама дүзилди. Ылайлардан ҳәм шөгиндилерден тазалаў ушын земснарядлар ҳәм олардың ислеўи ушын электр тармағы зәрүр еди. Дәслеп земснарядлар менен қазылатуғын аймақлар анықланып, электр тармақлары тартылды ҳәм қазып, тазалаў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Ҳәзирги ўақытта «Тақыятас» гидроузелиниң жоқарғы бьефин ылай шөгиндилерден тазалаўға 11 земснаряд, 7 эксковатор, 4 бульдозер ҳәм 6 автосамосвал тартылған. 2023-жылдың 1-июль күнине шекем 1106,223 мың м3 ылай шөгиндилер шығарылды. Механизаторларға объект басында дем алыўы ҳәм гезеги менен нәтийжели жумыс ислеўи ушын қолайлы шараятлар жаратылған.


Әлбетте, усы гидроузельдиң жоқарғы тәрепин ылайлы шөгиндилерден тазалаў суў тәмийнатын жақсылаўға тийкар жаратады.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги