Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Корея Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет министри Ли Жунг Сик басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қубла Корея арасындағы дослық ҳәм айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў, кең көлемли бирге ислесиўди, атап айтқанда, мийнет қатнасықлары тараўындағы байланысларды және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда парламентлераралық сөйлесиўдиң орны әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды. Усы мәниде Сенат Баслығы басшылығындағы Корея Республикасы Миллий Ассамблеясы менен мәмлекетлеримиз арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер, «жол карталары»ның орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге қаратылған бирге ислесиў бойынша арнаўлы комиссия жумысының нәтийжелилиги айрықша атап өтилди.

Корея тәрепиниң усы жылдың сентябрь айына мөлшерленген жаңа форматтағы «Орайлық Азия+Корея Республикасы» парламентлераралық бирге ислесиў бойынша саммити көп тәреплемели қатнасықларды кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме байланысларда мийнет қатнасықлары менен байланыслы бағдар үлкен әҳмийетке ийе екени, бул бағдардағы жойбарларды турмысқа енгизиўдиң ҳуқықый тийкарларын биргеликте ислеп шығыў, өз-ара усыныслар билдириў, сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар өткериўди жеделлестириў мәселелерин шешиў ҳәм бағдарларды белгилеп алыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

БМШтың «Жумыс орынларын жаратыў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша глобал тезлеткиш» басламасы шеңберинде бирге ислесиўдеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша да усыныслар алға қойылды.

Өзбекстан ҳәм Кореяның тийисли министрликлери арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди.

Меморандумды әмелге асырыў шеңберинде мийнетти қорғаў, гендер теңлик, сондай-ақ, «Better work» бағдарламасын әмелге асырыў мәселелерин шешиўде өз-ара бирге ислесиўди сәўлелендириўши Қоспа ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў усынысы қоллап-қуўатланды.

Н.Абдураимова,

ӨзА