Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик графикке муўапық, ҳәр ҳәптениң шемби күни суў хожалығы объектлеринде жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириў, баспасөз хызмети жумысларын нәтийжели жолға қойыў, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды талқылаў ҳәм  семинарлар шөлкемлестириў нәзерде тутылған болып, «Қаттағар-Бозатаў» ирригация системасы басқармасының «Бессаға» гидроучасткасында гезектеги семинар өткерилди.

Семинарда система шөлкемлери басшылары ҳәм жәрдемши хожалықты жүргизиўге жуўапкер хызметкерлер қатнасты.

Илажда, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң суў кадастр инженери А.Хожабеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, система шөлкемлеринде жәрдемши хожалықларды шөлкемлестириўдиң әҳмийетин айрықша атап өтип, әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Нөкис районындағы Саманбай АПЖ аймағында 50 сотих майданда «Суў хожалығы министрлиги бағы» қурылды,-дейди А.Хожабеков. – Буған қосымша ҳәр бир шөлкем ҳәм ири суў хожалығы имаратларының жанынан 20-30 сотих майданға мийўели тереклер егиў бойынша тапсырмалар берилди.

Соннан Нөкис, Қанлыкөл, Тақыятас ҳәм Қараөзек районларындағы шөлкемлерде бул жумыслар толық орынланды. Соның менен бирге, Хожели районы П.Халмуратов АПЖ аймағындағы 9 гектарлық ҳәм Шоманай районы Бегжап АПЖ аймағындағы 3 гектарлық майданда «Суўшылар бағы» шөлкемлестирилди.

Семинарда жәрдемши хожалықлар шөлкемлестирилмей атырған, жумысшыларын қосымша хошаметлеў илажларын көрмеген шөлкемлер де бар екенлиги атап өтилип, буған байланыслы әмелге асырылатуғын илажлар белгилеп алынды.

Семинарда министрликте әмелге асырылып атырған жумысларды рәсмий веб-сайтларда сәўлелендириў ҳәм олардан аймақлардағы система шөлкемлери хызметкерлериниң хабардарлығын арттырыў мәселеси де кеңнен додаланды.

Бул мәселеде министрликтиң баспасөз хаткери Ғ.Атажанов шығып сөйлеп, министрлик системасында баспасөз хызмети жумысларын нәтийжели жолға қойыў бойынша Өзбекстан Ресубликасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасындағы администрация тәрепинен бир қатар буйрық ҳәм көрсетпелер берилгенине қарамастан рәсмий сайт және социаллық тармақларға жайластырылып атырған хабар ҳәм мағлыўматлар менен система шөлкемлери хызметкерлери толық танысып бармай атырғаны, яғный системада ислейтуғын хызметкерлер санына салыстырғанда телеграм каналлардағы ағзалардың саны аз екенлиги туўралы мағлыўматлар берилди.

Илаж қатнасыўшылары «Қаттағар-Бозатаў» ирригация системасы басқармасының Нөкис районындағы участкаларында шөлкемлестирилген бағ, қус, қой-ешки ҳәм балық жетистирилетуғын хожалықларында болып, жәрдемши хожалықлардың жумыслары менен танысты.

Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.