«Раўажланыў стратегиясы»  орайы тәрепинен Пакистанның «Улыўма келешек жәмийети» таллаў орайы менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының нәтийжелерине бағышланған онлайн халықаралық дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажда тийкарғы баянатшы сыпатында қатнасқан «Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков шығып сөйлеп, конференция қатнасыўшыларын Конституциялық реформалар шеңберинде Өзбекстанда мүддетинен бурын Президентлик сайлаўын өткериў ушын жаратылған зәрүр шараятлар ҳәм сайлаў нәтийжелери менен таныстырып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң сайлаўында сайлаўшылар дизимине киргизилген 19 миллион 593 мың 838 пуқарадан 15,6 миллионнан аслам ямаса 79,88 процент сайлаўшы өз қәлеўин еркин билдирип, даўыс берди. Бул көрсеткиш, бәринен бурын, мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалардың халық тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланып атырғаны, Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясында белгилеп берилген ўазыйпалардың әмелдеги көриниси болып есапланады.

Сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың 87,05 проценти Өзбекстан либерал-демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партияларынан көрсетилген талабан Шавкат Миромонович Мирзиёевқа даўыс берди.

Сондай-ақ, Э.Туляков өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Президентлик сайлаў Өзбекстан конституциясы ҳәм Сайлаў кодексине толық муўапық түрде теңлик ҳәм ашық-айдынлық және демократиялық принциплерге тийкарланған ҳалда болып өткенин, атап айтқанда, онда халықаралық бақлаўшылар ушын да қолайлы шараятлар жаратылғанын атап өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентлик сайлаўларына Пакистаннан халықаралық бақлаўшылар сыпатында келген экспертлер де өз баянатлары менен қатнасты.

Атап айтқанда, Пакистанның «Улыўма келешек жәмийети» таллаў орайының атқарыўшы директоры Холид Таймур Акром өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан Орайлық сайлаў комиссиясының ашық-айдын ҳәм әдил сайлаўларды тәмийинлеў бағдарында үлкен жумысларды әмелге асырғанын атап өтти. Сондай-ақ, Холид Таймур Акром сайлаў участкаларында даўыс бериў күнинде қайтадан даўыс бериў ҳәм басқа да нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде заманагөй технологиялардан нәтийжели пайдаланған ҳалда пуқараларды дизимге алыў ҳәм сайлаўшыларды дизимге алыў нәтийжели жолға қойылғанын атап өтти.

Бир сөз бенен айтқанда, илаж қатнасыўшылары тек ғана елимиз емес, ал сырт елдеги Өзбекстан пуқаралары сайлаў ҳуқықын әмелге асырыўы ушын ҳәр тәреплеме шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылып, процесс сайлаў нызамшылығының талабы тийкарында шөлкемлестирилгенин атап өтти.

ӨзА