16-июльде Қуяшта үш күшли жарылыў бақланды, олардың бири радиобайланыслардың бузылыўына себеп болды, делинеди академик Е.К.Федоров атындағы әмелий геофизика институтының сайтында тарқатылған хабарда.

«Биринши жарылыў 14 минут даўам еткен ҳәм КВ-радиобайланыс үзилип қалыўына себеп болды»,-делинеди мақалада.

Кеште және еки жарылыў жүз берген.

«16-17-июль күнги космос ҳаўа-райы прогнозына бола, «жарылыў Х класына тийисли, соның ишинде, протонлы болыўы мүмкин», делинеди хабарда.

Қуяштағы жарылыўлар Жерде магнит боранларын келтирип шығарыўы мүмкин. Нәтийжеде энергосистемалар истен шығыўы, қуслар ҳәм ҳайўанлар миграциясына унамсыз тәсир етиўи мүмкин. Буннан тысқары, күшли боранлар қысқа толқынлы байланысларды истен шығарыўы ҳәм навигация системаларының жумысларына тәсир етиўи ҳәм санаат тармақларында күшлениў түсип кетиўине себеп болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги