Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 20222023-оқыў жылының жуўмақларына бағышланған «Ҳақ жол Сизге, питкериўши!» атамасында салтанатлы кеше өткерилди.

Кешеге бакалавриатура тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери питкериўшилери, олардың ата-аналары, институттың профессор-оқытыўшылары, педагог хызметкерлери, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар 2022-2023-оқыў жылында институтты бакалавриатураның күндизги тәлим бағдарлары бойынша улыўма 2781 студент, сыртқы тәлим бағдарлары бойынша 597, екинши қәнигелик бойынша 289 студент, ал магистратура қәнигеликлери бойынша 663 магистрант питкерип шығып, социаллық-экономикалық тараўларда өз жумысларын баслап атырғанын атап өтти.

Питкериўшилердиң арасынан 1200 ден асламы тийисли жумыс бериўшилер менен үш тәреплеме шәртнамалар дүзиў арқалы жумыс орынларына жолламалар алды.

Илажда бакалавриатура тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң питкериўшилерине дипломлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.






Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған оқыў жылы институт тарийхында үлкен табысларға, жоқары нәтийжелерге толы жыллардың бири сыпатында тарийх бетлеринен орын алды.

Институттың 11 студенти Өзбекстан көлеминде өткерилген мәмлекетлик стипендиялар таңлаўында, атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекетлик стипендиясы, Ислам Каримов, Наўайы, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов атындағы мәмлекетлик стипендиялары таңлаўларында жеңимпаз болып, стипендиат атанды. Соның менен бирге, институттың бир топар белсенди студентлери Әжинияз атындағы стипендия таңлаўында жеңимпаз болды.

Институттың студент-жаслары «Универсиада-2022» спорт жарысларының республикалық финал басқышларында жоқары нәтийжелерди қолға киргизип, Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының Өзбекстан көлеминде сыйлы үшинши орынды ийелеўине мүнәсип үлеслерин қосты. Сонлықтан, усы жарыстың жуўмақлары бойынша 175 миллион сумлық спорт инвентарьларынан ибарат «Президент саўғасы» институтқа салтанатлы түрде тапсырылды.

Түрли тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өз үлеслерин қосып киятырған студентлерден Нурсултан Нурниязов, Гүлайым Тилепова ҳәм Ҳусанбай Юлдашевлер Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында «Үмит ушқыны» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

– Мен буннан төрт жыл алдын үлкен арзыў-нийетлер менен институттың түркий тиллер факультетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары бойынша оқыўға ҳүжжет тапсырып, 148 баллдан жоқары балл топлап, оқыўға кирген едим. Оқыўға кирген студентлердиң көпшилиги жақсы оқып, келешекте елге пайдалы инсанлар болыўға ҳәрекет етти. 2021-2022-оқыў жылында И.Юсупов атындағы, 2022-2023-оқыў жылында Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия таңлаўының жеңимпазы болдым. Мине, көзди ашып-жумғанша студентлик алтын дәўиримиз жуўмақланып, қолыма қызыл диплом тапсырылды. Оғада қуўанышлыман. Оқыў даўамында билим сырларын жалықпай үйреткен усталарымыздан миннетдармыз,-дейди питкериўшилердиң бири Айнура Қалыбаева.

Илажда оқыў жылы даўамында усындай илим, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да бағдарларда үлкен нәтийжелерге ерискен, соның менен бирге, ҳәр қыйлы республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар, пән олимпиадалары, институт көлеминде өткерилген таңлаўлардың жеңимпазларына ҳәм олардың ата-аналарына саўғалар, миннетдаршылық хатлары және ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Питкериў кешеси шеңберинде эстрада жулдызларының концерт ҳәм басқа да кеўилашар шоу бағдарламалары өткерилип, кеше қатнасыўшыларының кеўиллерине жоқары көтериңкилик бағышлады.



Қарақалпақстан хабар агентлиги