Associated Press агентлигиниң хабар бериўинше, Ҳиндстанның арқа тәрепинде бир неше күннен берли даўам етип атырған муссан жаўынлары ақыбетинде пайда болған тасқынлар себебинен 100 ден артық адам қайтыс болды.

Ҳиначал-Прадеш штатының хабар бериўинше, ол жерде кеминде 88 адам қайтыс болған, 100 ден артық адам жарақатланған.

Жаўын автомашиналар, автобуслар ҳәм көпирлерди жуўып кеткен суў тасқынларына алып келди. 170 ке шамалас жайды ўайран қылды ҳәм 600 ге жақын үйди зыянлады.

Және 12 адам Уттар-Прадеште, 1 адам Делиде ҳәм және 4 адам Ҳиндстан аймағындағы Кашмирде дүньядан көз жумды.

Вертолётлар шемби күнинен берли Himachal-Pradesh штатының Chandertal районында қалып кеткен. 300 ге шамалас адам қутқарылды, олардың дерлик бәршеси туристлер болып есапланады.

Хабар бериўинше, жақын арада мәмлекетте және муссан жаўыны жаўыўы мүмкин.

 

Гулдана Далибаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги