14-июль күни Ташкентте, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде, Өзбекстан Республикасының сайланған Президенти өз лаўазымына кирисиўине бағышланған салатанатлы мәресим болып өтти.

Онда депутат ҳәм сенаторлар, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары, дипломатиялық корпус ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Мәресимди Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаев ашып, Президент сайлаўы жаңаланған Конституциямыз ҳәм демократиялық принциплер тийкарында, сиясий белсендилик орталығында өткенин атап өтти. Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан талабан Шавкат Миромонович Мирзиёев сайлаўшылардың 87,05 процент даўысы менен Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғанын атап өтти. Усы мүнәсибет пенен Шавкат Мирзиёевти қызғын қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президенти гүўалығын тапсырды.

Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз Конституциясына муўапық, Өзбекстан халқына садықлық пенен хызмет етиўге, республиканың Конституциясы ҳәм нызамларына қатаң әмел етиўге, пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине кепиллик бериўге, Өзбекстан Республикасы Президентине жүкленген ўазыйпаларды ҳүжданлы орынлаўға салтанатлы түрде ант етти.

Мәресимде мәмлекетимиз басшысы шығып сөйледи.

– Бүгин өзиме қандай уллы жуўапкершилик алып атырғанымды, Ўатанымыз ғәрезсизлиги, 36 миллионнан аслам әзиз халқымның тынышлығы ҳәм абаданлығы ушын жеке өзим жуўапкер екенимди жүрек-жүрегимнен сезинип турман. Мине, усындай, жоқары исеним ушын, ҳүрмет ҳәм итибар ушын көп миллетли, мәрт ҳәм данышпан халқымызға перзентлик меҳири ҳәм садықлығы менен тәжим етемен,-деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан жаңа дәўирге қәдем қойып атырғаны, ол сиясий, экономикалық-социаллық, мәдений-гуманитарлық тараўларда түпкиликли бурылыс ҳәм үлкен өзгерислер дәўири болажақ екенлиги атап өтилди. Оның ушын жаңа идея ҳәм басламалар, бурынғыдан да көбирек ғайрат ҳәм жигерлилик пенен ислеў керек.

Жер жүзиндеги келиспеўшиликлер экономика ушын машқалалар келтирип шығармақта. Климат өзгериўи, тәбийғый байлықлар ҳәм суў ресурсларының күн сайын жетиспей баратырғаны да турақлы раўажланыўға унамсыз тәсир көрсетпекте. Мине, усындай аўыр ҳәм қәўетерли жағдайда халқымыздың мәплерине жуўап беретуғын бирден-бир дурыс жолды – нәтийжели ишки ҳәм сыртқы сиясат жолын анық белгилеп алыў ҳәм оны қатаң әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент бул бағдардағы келеси жети жылға мөлшерленген стратегиялық мақсетлерди көрсетип өтти. Қысқа етип айтқанда, олар – нызамшылық ҳәм атқарыў ҳәкимиятын жетилистириў, ықшам ҳәм нәтийжели басқарыў системасын шөлкемлестириў, социаллық тараў ҳәм хызметлерди раўажландырыў, исбилерменликке имканиятларды кеңейтиў, жумыс орынлары ҳәм халықтың дәраматларын көбейтиў сыяқлылар  болып есапланады.

Экономика тараўында «жасыл экономика», «жасыл энергия» принциплери және де кең түрде енгизиледи. Инвестицияларды тартыў көбейтиледи. Санаат раўажландырылады. 2030-жылға шекем мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними көлемин 160 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде жасларға айрықша мүрәжат етти.

– Әзиз ул-қызларым, бүгин тарийхтың өзи, заманның өзи сизлердиң, алдыңызда  шексиз имканиятлар ашпақта. Сизлер Өзбекстан тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын уллы ислерди әмелге асыра аласыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстанның ең үлкен күши татыў шаңарақ болып жасап атырған көп миллетли халқы екени, елимиз буннан былай да ҳақыйқый адамгершилик ҳәм кеңпейиллик үлкеси болып қалатуғыны атап өтилди.

Терең ойланған сыртқы сиясат ҳәм экономикалық дипломатия бағдарындағы ҳәрекетлер үзликсиз даўам еттириледи. Бәринен бурын, регионымыз еллери, бирге ислесиўши мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер менен байланыслар жаңа басқышқа көтериледи. Экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў, суў тамтарыслығының алдын алыў да әҳмийетли ўазыйпа болады.

Президент бул ретки шығып сөйлеген сөзинде ҳәр қыйлы көрсеткишлерге көп тоқталмады, экономикалық санларды келтирмеди. Ең үлкен жетискенлик халқымыздың дүнья қарасының жоқарылағаны, адамлар үлкен мақсетлерге умтылып, ертеңги күнге исеним менен жасап атырғаны деп атап өтилди.

Өзин өзгерте алған халық, әлбетте, турмысты, социаллық орталықты да өзгерте алады, өзиниң мурат-мақсетлерине әлбетте жетеди.

– Мине, усындай уллы исеним менен жасап атырған халыққа басшы болып, оны айдын мәнзиллерге баслаў мен ушын үлкен бахыт, үлкен мақтаныш болып табылады.

Өмиримниң мазмунына айланған уллы мақсет – Жаңа Өзбекстанды, ^шинши Ренессанс тийкарын қурыў жолында сизлер менен, пүткил халқымыз бенен бирге тынымсыз ислеўге, бар күш-ғайратым, билим ҳәм потенциалымды жумсаўға таярман,-деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиздиң гимни атқарылды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилиси жуўмақланды.

ӨзА