Усы жыл 13-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.

Атап өтилениндей , мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болып, усы тийкарда жаңа жумыс орынлары жаратылыўы режелестирилген. Тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта.





Ушырасыўда Жоқарғы Кеңестиң Баслығы исбилерменлерди қыйнап киятырған машқалаларды тыңлады. Ҳәр бир жаңа жумыс орнын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы, олардың өз жумысын жолға қойыўында тосқынлық ететуғын ҳәр қандай басшыға тийисли шаралар қолланылатуғынлығын атап өтти.

Ушырасыўда орынларда инвестициялық жойбарларды иске түсириў бағдарында жумыслардың нәтийжели жолға қойылмай атырғанлығы сынға алынды. Сондай-ақ, белгиленген кредит қаржыларын ажыратыў бағдарындағы жумысларды атқарыўда немқурайдылық пенен қарап атырғанлығы ушын тийисли банк басшылары менен барлық қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары – Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлими баслықлары қатаң ескертилди.

-Биз халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, олар ушын жоқары дәрамат дерегин жаратыў ҳәм жумыс орынларының санын көбейтиў бойынша көлемли жумысларды әмелге асырыўымыз керек,-деди республикамыздың басшысы.-Бул жумысларды әмелге асырыўда әлбетте исбилерменлерге сүйенемиз. Кейинги ушырасыўда усы машқалалар сапластырылмайтуғын болса ҳәр бир жуўапкер шахсқа нызам шеңберинде шара көриледи.

Ушырасыў соңында сырт ел базарларын үйрениў, логистика орайларын шөлкемлестириў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги