2022-жылы Лондон қаласы орайындағы транспорт түрлери ишинде велосипедлердиң саны жеке автомобильлердиң санынан асып кеткен.

Жәми транспорттың 26,8 проценти велосипедлерден ибарат болса, автомобильлердиң үлеси 25,8 процентке жеткен.

Усыған уқсаған есабатлар 1999-жылдан берли ҳәр еки жылда басылып шығады. Изертлеўге қарағанда аймақ көшелеринде жеке автомобильлер, таксилер, мотоцикльлер, жүк машиналары, автобуслар, велосипедлер, электроскутерлер ҳәм пиядалар саны ҳаққында мағлыўматлар келтирилген.

COVID-19 пандемиясынан алдынғы дәўир менен салыстырғанда,  велосипедлер өсиўи артқан бир ғана транспорт түри есапланады.

Басқа барлық түрдеги транспортлар саны бираз төменлеген. 2017-жылға қарағанда автотранспорт қуралларының саны 26 процентке, жүк машиналардың саны болса 14 процентке азайған, велосипедлердиң саны болса 7 процентке көбейген.

1999-жыл менен салыстырғанда Лондон көшелериндеги велосипедлердиң саны 292 процентке көбейген.

Гүлдана Дәлибаева,

Қарақалпақстан хабар агентлиги