Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-июль күни инвестициялар тартыўды және де кеңейтиў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында мәмлекетимизде Президент сайлаўы жоқары дәрежеде өткени, бул халқымызды уллы мақсетлер жолында және де бирлестиргенин атап өтти.

Ендиги ўазыйпа белгиленген мақсетлерди кешиктирместен, алдынғыдан да көбирек ғайрат пенен әмелге асырыў болып есапланады. Ҳәзирги жер жүзиндеги келиспеўшиликлер, аяўсыз бәсеки дәўиринде бул аңсат болмайды, әлбетте. Саўда ҳәм инвестициялар, товар ҳәм хызметлер айланыўында транспорт-логистика системасы барған сайын қурамаласып бармақта.

– Мине, усындай аўыр жағдайда, адамларымызға мүнәсип шараят жаратыў ушын жүз мыңлаған жоқары дәраматлы жумыс орынларын шөлкемлестириўимиз, дүнья базарында бәсеки ете алатуғын өнимлерди көбейтиўимиз зәрүр. Оның ушын болса жаңадан-жаңа технологиялар, заманагөй өндирис қуўатлықлары, маман қәнигелер керек,-деди Президент.

Соның ушын  мәжилисте тармақ ҳәм аймақлардағы инвестиция көрсеткишлери, жойбарлардың орынланыўы ҳәм жылдың ақырына шекемги тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Усы жылдың өткен алты айында тармақларда 3,6 миллиард долларлық инвестициялар өзлестирилген. Әндижан қаласы, Булақбасы, Ромитан, Ғәллеарал, Фориш, Кармана, Давлатабад, Чуст, Каттақорған, Сырдәрья районларының ҳәр бирине 50 миллион доллардан көп тиккелей инвестиция келген. Оның есабынан, бул районларда жәми 50 мың жаңа жумыс орны, қосымша 1 триллион сум түсим пайда болған.

Бирақ айырым аймақ ҳәм тармақларда бул көрсеткиш төмен, инвестиция орталығы қанаатландырарсыз. Сондай район ҳәм қалалар ҳәкимлери, министр орынбасарлары, мәмлекетлик кәрханалардың жуўапкерлери лаўазымынан босатылды, айырымларына сөгис берилди.

Мәжилисте инвестициялық бағдарламалардағы 1 мың 500 жойбарды тезлестириў ҳәм 12 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестицияларын өзлестириў бойынша қосымша ўазыйпалар белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир тармақ ҳәм аймаққа инвестицияларды тартыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық ҳәрекетлер алгоритмин көрсетип берди.

Соның ишинде, мәмлекетлик инвестиция бағдарламасы шеңберинде 11,5 миллиард долларлық 272 ири жойбарды мүддетинен алдын пайдаланыўға тапсырыў бойынша «жойбар кесиминде» жумыс шөлкемлестириледи. Мәселен, қурылысты тезлестириў есабынан 29, үскенелерди алып келиў ҳәм орнатыўға жәрдемлесиў арқалы 49 жойбарды алдынырақ иске қосыў мүмкин. Оның есабынан, 700 миллион доллар инвестициялардың 2-3 ай алдын өзлестирилиўине ерисиледи.

Бул бойынша транспорт министри ҳәм мәмлекетимиздиң сырт елдеги елшилерине көрсетпелер берилди. Аймақлардағы жойбарларды инфраструктура менен тәмийинлеў ушын нәзерде тутылған 1,2 триллион сумға қосымша және 100 миллион доллар қаратылатуғыны айтылды.

Тармақларда 230 жойбар шеңберинде 4,4 миллиард доллар, аймақларда 1 мың 200 жойбар шеңберинде 4,6 миллиард доллар тиккелей сырт ел инвестициясын өзлестириў зәрүр. Онда жойбарлар 3 категорияға ажыратылып, олар менен мәнзилли исленеди. Яғный, ири жойбарларға ўәлаят ҳәкиминиң инвестиция бойынша орынбасары жуўапкер болады. Бул системаны нәтийжели жолға қойыў ҳәм мәселелерди орнында шешиў ушын ҳәр бир аймаққа жуўапкерлер бириктирилди.

Мәжилисте бирге ислесиўши мәмлекетлер менен инвестициялық шериклик нәтийжелери де көрип шығылды. Соңғы еки жылда Саудия Арабстаны, Франция, Венгрия, Сингапур, Египет, Германия, Қытай, Италия, Қатар ҳәм басқа да мәмлекетлер менен болған жоқары дәрежедеги ушырасыўларда көплеген келисимлерге ерисилген.

Бул бағдарда Венгрия, Пакистан, Таиланд, Чехия ҳәм Япония менен биргеликте унамлы өзгерислер бар екенлиги, бул мәмлекетлерден инвестиция тартыў усы жылдың өзинде 450 миллион долларға көбейгени атап өтилди.

Енди сырт ел келисимлери шеңбериндеги инвесторлар менен ислесиў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди. Оған бола, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлигинде «инвестиция менеджери» лаўазымы шөлкемлестириледи ҳәм тиккелей министрге бойсынады. Олар сырт ел инвесторлары менен турақлы байланыста болып, зәрүр мәселелерди шешип барады. Бул система тийкарында ислеп, усы жылдың өзинде қосымша 3 миллиард доллар инвестиция тартыў мүмкин екенлиги айтылды.

Айырым ўәлаят, район ҳәм қалаларда қәлиплестирилген инвестициялық жойбарлар тийкарғы имканиятларға сәйкес емеслиги көрсетип өтилди. Атап айтқанда, соңғы еки айда санааты төмен раўажланған 60 районға консалтинг компаниялары тартылып, 6,5 миллиард долларлық 2 мыңнан аслам перспективалы жойбар табылған. Бул – ҳәр бир районға орташа 110 миллион доллар инвестиция, жүзлеген жумыс орны, дегени.

Соннан келип шығып, консалтинг компаниялары менен бирге, барлық район ҳәм қалаларда «излениў – ислеп шығыў – әмелге асырыў» принципи тийкарында жаңа жойбарларды қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды. Оларды сырт ел инвесторларына таныстырыў ушын жылдың ақырына шекем ҳәр бир ўәлаятта аймақлық инвестициялық форум өткериледи.

Сондай-ақ, Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен экономикаға үлкен түртки беретуғын 97 ири санаат жойбары таярланған. Олар арқалы 6,7 миллиард доллар өзлестирилип, 3 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў, 27 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў имканияты бар.

Ҳүкимет комиссиясына бул жойбарларды тезирек иске қосыў, сырт ел кредитлеринен нәтийжели пайдаланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер есап берди.

ӨзА