Орайлық сайлаў комиссиясы Баспасөз орайында Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы З.Низомхўжаевтың қатнасыўында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўының дәслепки нәтийжелерине бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы халықаралық ҳәм миллий сайлаў нормалары тийкарында, көтериңки руўхта өткерилгени атап өтилди. Сондай-ақ, мәмлекетимиздиң тарийхында биринши мәрте мүддетинен алдын шөлкемлестирилген сайлаўда пуқаралардың белсене қатнасқаны, сайлаў жаңаланған Конституция нормалары тийкарында өткерилгени атап өтилди.

Баспасөз әнжуманында сиясий илажды 15 халықаралық шөлкем, 47 сырт елден келген жәми сегиз жүзге шамалас халықаралық бақлаўшы тиккелей бақлап, сондай-ақ, сайлаўды 1 мың 400 жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери жарытып барғаны атап өтилди.










Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында жәми сайлаўшылардың 15 миллион 651 мың 405 пуқара ямаса 79,88 проценти даўыс бериўде қатнасты.

Соның ишинде, Халық демократиялық партиясынан талабан Улуғбек Иноятов 629 мың 116 ямаса 4,02 процент, «Адолат» СДПдан талабан Робахон Маҳмудова 693 мың 643 яки 4,43 процент, ӨзЛиДептен талабан Шавкат Мирзиёев 13 миллион 625 мың 55 яки 87,05 процент, Өзбекстан Экологиялық партиясынан талабан Абдушукур Ҳамзаев 585 мың 711 яки 3,74 процент даўыс топлады. Ҳақыйқый емес деп табылған бюллетенлер 0,76 процентти қурады.

Сайлаў кодексине бола, сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбисиниң даўысын алған талабан сайланған, деп есапланады.

Сайлаў кодексиниң 97-статьясы ҳәм Президент сайлаўының жуўмақларына бола, ОСКниң қарары сайлаўдан кейин он күннен кешиктирмей қабыл етиледи ҳәм ОСКниң рәсмий веб-сайтында ҳәм басқа да дәреклерде жәрияланады.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы