Ўзбекистон Президенти Туркия миллий мудофаа вазирини қабул қилди

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-июль күни елимизге рәсмий сапар менен келген Түркия Республикасы миллий қорғаныў министри Нуреттин Жаниклиди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, еллеримиз арасында ҳәр қыйлы дәрежедеги байланыслар ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жеделлескенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекистан ҳәм Түркия басшыларының 2016-жыл ноябрь айында Самарқандтағы ушырасыўы ҳәм быйылғы жылдың май айында Пекинде болып өткен «Бир мәкан, бир жол» халықаралық форумы шеңбериндеги нәтийжели пикирлесиўи өз-ара көп қырлы қатнасықлардағы, соның ишинде, сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитар салалардағы бирге ислесиўди раўажландырыўға жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.

2.jpg

Сөйлесиў ўақтында әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўдиң перспективалары да додаланды. Өзбекистан ҳәм Түркия Қорғаныў министрликлери арасында әмелий шериклик орнатыў, соның ишинде, әскерий билимлендириў саласында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў бул бағдардағы әҳмийетли мәселелерден бири сыпатында белгиленди.

Түркия миллий қорғаныў министри Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғанның жақсы тилеклерин жеткерди.

Нуреттин Жаникли Өзбекистан Қураллы Күшлериниң потенциалын арттырыў ҳәм елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларға жоқары баҳа берди ҳәм Түркия тәрепи еллеримиз арасында кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА