Усы жыл 23-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.

Онда елимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелий жумыслар, “Жаслар дәптери” шеңбериндеги жаратылып берилген имканиятлар, қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Атап өтилгениндей, бүгинги алып барылып атырған әдил сиясат тийкарында Өзбекстан шын мәнисинде имканиятлар мәмлекетине айланған. Себеби, ҳәзирги ўақытта ҳәр бир жастың қәбилетин жүзеге шығарыўға, мүтәж жасларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге айрықша итибар қаратылмақта.

Ушырасыўда соңғы жыллары жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар, студент-жаслардың төлемли-контракт пулларын, жигитлердиң мобилизациялық шақырыў қәрежетлерин төлеп бериў, мүтәж жасларға материаллық жәрдем бериў, турақ жай сатып алыўы ушын субсидия ажыратыў, исбилерменлигин жолға қойыўы ушын жеңиллетилген кредит пенен тәмийинлениўи сыяқлы және бир қатар мүмкиншиликлер ҳаққында кең түрде сөз етилди.


Ушырасыў жуўмағында бир қатар белсенди жаслар  “Үмит ушқыны” көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги