Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери ҳәм блогерлердиң қатнасыўында 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесслерине арналған баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда институт ректоры Байрамбай Өтемуратов журналистлер ҳәм блогерлерге институтқа 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар берди.

Атап өтилгениндей, институтта 2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаў процесин жоқары дәрежеде шөлкемлестириў мақсетинде қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери ҳәм тийисли ағзаларынан ибарат комиссия қурамы тастыйықланған болып, белгиленген реже тийкарында жумыс алып барылмақта.







Абитуриентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын тиккелей байланысыў, тийисли жол-жобалар көрсетиў ҳәм сораўларына жуўап бериў мақсетинде институттың 6-санлы оқыў имаратында «Call-center» ҳәм «Мәсләҳәт орайы» шөлкемлестирилген. Оларға қабыллаў бойынша жуўапкер қәнигелер бириктирилген болып, абитуриентлерге тийисли мәсләҳәтлер берип келинбекте.

Жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыўды буннан былай да кеңейтиў мақсетинде усы жылдың 15-июнь күни «2023-2024-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 15-июньдағы «Мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў процесслерин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, 2023-2024-оқыў жылынан баслап мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери тек ғана мәмлекетлик грант бойынша тастыйықланады.

Финанслық еркинлик берилген жоқары оқыў орынларынан тысқары мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына төлемли контракт тийкарында қабыллаў параметрлери болса, бойсыныўы бойынша тийисли министрлик (мәкеме) тәрепинен Экономика ҳәм қаржы министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланыўы белгиленген.

Усы тийкарда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2023-2024-оқыў жылы ушын бакалавриаттың күндизги 25 тәлим бағдарына улыўма 2045 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 560 ҳәм төлемли контракт тийкарында 1485 орын, бакалавриаттың сыртқы 9 тәлим бағдарына төлемли контракт тийкарында улыўма 550 орын, ал кешки 7 тәлим бағдарына төлемли контракт тийкарында улыўма 350 орын, магистратура басқышында 22 қәнигелик ушын улыўма 111 орын, соннан мәмлекетлик грант тийкарында 37 ҳәм төлемли контракт тийкарында 74 орын ажыратылды.

  • Быйылғы қабыллаў процесиндеги әҳмийетли жаңалықлардан айтатуғын болсақ, бакалавриаттың күндизги тәлим бағдарлары арасында «Мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбиясы ҳәм спорт» тәлим бағдары жаңадан ашылды,-дейди институттың баспасөз хаткери И.Матеков. – Оған улыўма 30 орын, соннан 10 мәмлекетлик грант ҳәм 20 төлемли контракт тийкарында орынлар ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-июньдағы «Педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы қарарына муўапық, 2023-2024-оқыў жылы қабыллаўынан баслап педагогикалық кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының 14 тәлим бағдары бойынша сыртқы билимлендириў түрине қабыллаў әмелге асырылмайтуғын болды.

Сондай-ақ, усы қарар тийкарында жаңа оқыў жылынан баслап педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының педагогика тараўындағы тәлим бағдарларына сыртқы билимлендириў түри бойынша оқыўға тек ғана билимлендириў системасында педагогикалық жумысларда кеминде 5 жыллық мийнет стажына ийе болған талабанлар қабылланатуғыны белгиленди.

2023-2024-оқыў жылы ушын қабыллаўда бакалавриаттың кешки тәлим бағдарларына биринши мәрте «60111000 – География ҳәм экономикалық билим тийкарлары», «60111400 – Өзбек тили ҳәм әдебияты» ҳәм «60111500 – Ана тили ҳәм әдебиятыҮ қарақалпақ тили ҳәм әдебияты» тәлим бағдарлары жаңадан қосылды. Олардың ҳәр бирине төлемли контракт тийкарында 50 орыннан ажыратылды.

2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриентлерди онлайн дизимге алыў усы жылдың 20-июнь күнинен басланды.

2023-2024-оқыў жылы ушын мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм қабыллаў параметрлериниң тиллер кесиминдеги бөлистирилиўи Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтына жайластырылды.

Абитуриентлер усы сайттың «Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў» бөлими арқалы онлайн түрде дизимнен өтеди.

Онда абитуриентлер пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат тәлим бағдары бойынша таңлаўда қатнасыўы мүмкин.

Дизимнен өтиў 20-июльға шекем (20-июль күни де) даўам етеди.

Шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына онлайн дизимнен өтиў болса 10-июльға шекем (10-июль күни де) әмелге асырылады.

Белгиленген мүддет даўамында абитуриентлер өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәм шет тилинен сертификатқа ийе болса, сертификат мағлыўматларын системаға киргизиўи мүмкин болады.

Соның менен бирге, абитуриентлер онлайн тәризде Бирден-бир мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы да жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тапсырыў имканиятына ийе.

Илаж барысында институтта екинши ҳәм оннан кейинги жоқары мағлыўмат ушын қабыллаўды шөлкемлестириў, кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлардың әдил түрде өтиўин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында да толық мағлыўматлар берилди.

Баспасөз конференциясында журналистлер ҳәм блогерлер қабыллаў процесслерине байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға институт ректоры Байрамбай Өтемуратов ҳәм қабыллаў комиссиясының жуўаплы хаткери Полатбек Калхановлар тәрепинен толық жуўаплар алды.

Илаж соңында институт ректоры мәмлекетимизде, соның ишинде, институтта әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың әмелий нәтийжелерин халқымызға жоқары журналистлик шеберлик, қалыслық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында кең түрде сәўлелендириўге үлес қосып киятырған бир топар республикалық ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер, хабаршы корреспондентлер, операторлар ҳәм блогерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлап, жумысларында табыслар тилеп, дөретиўши кәсип ийелерине ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғаларын тапсырды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери