Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен республикамызда ҳәрекет етип турған ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын баспасөз әнжуманы шөлкемлестирилди.

Онда 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығы Татлымурат Атамуратов республикамыз бойынша елимиз бойлап өткерилип атырған сиясий мапаз, яғный, мүддетинен алдын Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық барысы ҳәм оны шөлкемлескенлик пенен өткериў мақсетинде, сайлаў комисссиясы тәрепинен исленип атырған илажлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берди.






-Бир нәрсени айтып өтиўим керек,-дейди комиссия баслығы Т. Атамуратов.- Округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына буннан алдынғы сайлаў ҳәм референдум менен байланыслы процесслерди өткериўде қатнасқан тәжирийбели инсанлар тартылған. Бул неден дерек береди? Демек, бизиӊ ағзаларымыз ҳәр тәреплеме  тәжирийбеге ийе екен, бул мапазды ақ жүзли абырай менен өткериўге толық имканиятымыз жеткиликли, деп ойлайман.

Қарақалпақстан округи аймағында 654 сайлаў участкасы дүзилген. Аралық узақ болыўына қарамастан, алыс ҳәм барыў қыйын аймақларда сайлаў участкаларын дүзиў, сайлаўға тийисли керек болған материаллар менен тәмийинлеў, ең тийкарғысы бул аймақтағы пуқаралардың сайлаў ҳуқықын  әмелге асырыўы ушын жеткиликли шараятлар жаратыў бойынша илажлар көрилип атыр.

Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине киргизилген жаңа өзгерис ҳәм қосымшаға муўапық аўыр ҳәм оғада аўыр жынаят ислеген шахслардың сайлаў ҳуқықын тәмийинлеў бойынша Қоңырат районында еркинен айырыў орнында №360-санлы сайлаў участкасы дүзилди.

Округлик комиссия өз ўәкиллиги шеңберинде 654 сайлаў участкасының 6266 комиссия ағзаларын тастыйықлаған. Бул комиссия ағзаларының 50,9 % и ҳаял-қызлардан қуралған.

Комиссия ағзалары республикамызда жасаўшы ҳәр қыйлы миллет ўәкиллеринен ибарат. Олардың сайлаўға байланыслы билимин жетилистириў мақсетинде, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған концепцияға муўапық семинар-тренинглер өткерилмекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 7 профессор-оқытыўшысы республикалық көлемде тренер сыпатында оқып келип, олар 57 жергиликли тренерлерге семинар-тренинг өтти.

Жергиликли тренерлер 1951 комиссия баслығы, орынбасары ҳәм хаткерлерине семинар-тренинглер өткерди. Бүгинги күнде сектор кесиминде комиссия ағзаларының оқыўлары даўам етпекте.

Округте исеним телефоны ислеп тур. Пуқараларымыз тәрепинен билдирилип атырған пикир-усыныслар өз ўақтында шешимин таппақта.

Сондай-ақ, Сайлаў кодексиниӊ қарақалпақ тилинде баспадан шығарылғанлығы мақсетке муўапық болды. Соның менен бирге,  сайлаўға тийисли қолланбалар, материаллар қарақалпақ тилинде өз ўақтында бизге жетип келмекте.

Әнжуманда журналистлер тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы баслығы Т.Атамуратовқа бүгинги күни кең жәмийетшиликти  қызықтырып киятырған мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға тийисли жуўаплар алды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы