Төрткүл районында да Өзбекстан Республикасы Президентлигине «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Робахон Махмудованың исенимли ўәкили Нурлыбай Қайыпбергеновтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда исенимли ўәкил қатнасыўшыларға талабанның өмирбаяны ҳәм мийнет жолы ҳаққында толық мағлыўмат берип өтти.

Илажда халық мәмлекет ҳәкимиятының бирден-бир дәреги екенлиги ҳаққындағы конституциялық принцип мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдары екенлиги атап өтилди.

Атап өтилгениндей, талабан Робахон Махмудованың бағдарламасында халық ҳәкимиятының тымсалы болған ўәкиллик демократиясы институтының роли ҳәм әҳмийетин еле де арттырыў, мәмлекет экономикасының турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, жәмийеттиң инновациялық, интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў сыяқлы мәселелер бойынша усыныслар алға қойылған.

Талабанның баслы ўазыйпасы ҳәм мақсети – инсан, оның ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплери мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ең жоқары қәдириятлары екенлиги тән алынып, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўларында ҳәр бир инсанның абадан турмыс кешириўи ушын зәрүрли шараят жаратыў, социаллық әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, елимизди еркинлик, әдиллик, аўызбиршилик, социаллық қорғаў ҳәм жуўапкершилик прициплери хүким сүретуғын, инсанлардың кескин қатламларға бөлиниўине жол қойылмайтуғын күшли социаллық мәмлекет сыпатында, халықтың жоқары турмыс дәрежесине ийе раўажланған еллер қатарына қосылыўга ерисиў екенлиги айрықша атап өтилди.




Илаж қатнасыўшыларында бағдарламада билдирилген идеялар ҳәм басламалар үлкен қызығыўшылық оятып, шығып сөйлеўшилердиң пикир-усыныслары да тыңланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы алдынан Президентликке талабанлардың Қарақалпақстан Республикасы бойынша исенимли ўәкиллериниң орынларда өткерип атырған үгит-нәсият илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги