Өзбекстан Респбликасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 6-сентябрь күнги «Қарақалпақстан Республикасы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыў, қолайлы бизнес орталығын жаратыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм инфраструктуралар менен тәмийинленгенлик дәрежесин және де жақсылаў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша орынларда бир қатар қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў илажлары әмелге асырылмақта.

Қарар менен республикамызда, соның ишинде Қанлыкөл районында да әмелге асырылыўы тийис болған бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Бул жумыслардың орынланыўы тийисли шөлкемлер ҳәм депутатлардың қадағалаўына алынған.

Райондағы Жаңа қала аўыл пуқаралар жыйынындағы ишки көшелерди оңлаў жумысларының сапалы түрде әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары районлық Кеңесиниң депутаты Д.Абдуллаев тәрепинен депутатлық қадағалаў  жумыслары алып барылмақта.



– Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, районда 15 километрлик ишки жолларға 3 миллиард 190 миллион сумлық қум-шағыл тас араласпасын жайыў жумыслары режелестирилген. Соннан, Жаңа қала аўыл пуқаралар жыйынынан 2,26 километрлик қум-шағыл тас араласпасын жайыў жумысларын усы жылдың 1-сентябрь күнине шекем жуўмақлаў белгиленген. Ҳәзирги ўақытта жойбар бойынша жумыслар басланып кетти ҳәм жақын арада жуўмақланады,-дейди депутат Д.Абдуллаев.

Депутат аўылда жасаўшы пуқаралар менен де сәўбетлесип, пикир-усынысларын тыңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги