Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеӊеслери секретариатлары тәрепинен жүритилетуғын ҳүжжетлер,  яғный,  номенклатуралардыӊ дурыс жүргизилиӯи бойынша пикир алысыӯ ҳәм жумысларды дурыс шөлкемлестириӯ, үлги тәризинде сессия мәжилисин өткериӯ мақсетинде Хожели районында көргизбели семинар өткерилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеӊес секретариатлары баслықлары, бас қәнигелери қатнасты.


Қатнасыӯшылар дәслеп өз-ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде, Хожели районлық Кеңеси секретариаты  жумыслары  менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, секретарият тәрепинен ҳүжжетлерди дурыс жүргизиў, қадағалаў, жумыс көлеми ҳаққындағы тәртиплерди үйренип, өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўап алды.



Соңынан үлги сыпатында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң алтыншы шақырық алпыс сегизинши сессиясының жумысы әмелий семинар тәризинде өткерилди.

Соны да айтып өтиў керек, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси тәрепинен алып барылып атырған жумысларды кең жәмийетшиликке таныстырып барыў, жәмийетшилик арасында ашықлық ҳәм жәриялылықты тәмийинлеў мақсетинде сессия телеграмм топарда тиккелей эфир арқалы берип барылды.

Семинар қатнасыӯшылары күнниӊ екинши ярымында Хожели районы аймағында жайласқан Миздақхан тарийхый комплексине саяхат етти.



Саяхат даӯамында семинар қатнасыўшылары комплекстеги тарийхый естеликлер, зыярат орынлары менен жақыннан танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы