Олий Мажлис Сенатының баслығы Танзила Норбоева дипломатиялық миссиясы жуўмақланып атырған БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақ ўәкили Матильда Димовска менен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында әҳмийетли мәселелер бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўде әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳаққында пикир алысылды.

Бизге белгили, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Өзбекстанның ең әҳмийетли халықаралық бирге ислесиўшилеринен бири  болып есапланады. Бул абырайлы шөлкем мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискен ўақыттан баслап қоллап-қуўатланған ҳәм көплеген бағдарларда биз бенен бирге ислесип келмекте.

Өзбекстан БМШтың бир қатар структуралық қурылмалары, атап айтқанда, Раўажланыў бағдарламасы менен турақлы түрде биргеликте көплеген жойбарларды табыслы әмелге асырды ҳәм бул процесс үзликсиз даўам етпекте. Атап айтқанда, киши ҳәм орта бизнес ушын қолайлы шараятлар жаратыўда ҳүкиметти қоллап-қуўатлаў бойынша жумыс алып барып атырғаны халқымыз мәпине хызмет етпекте.

Сенат баслығы Өзбекстан менен БМШ арасындағы байланыслар буннан былай да беккемленип, регионаллық дәрежедеги бирге ислесиў кеңейгени, көплеген концептуаллық жойбарлар әмелге асырылғаны, әҳмийетли қарарлар қабыл етилгенин айрықша атап өтти. Атап айтқанда, М.Димовсканың Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы қатнасықларды раўажландырыўға қосқан жеке үлесине тоқтап, оның тиккелей жәрдеминде мәмлекетимиздиң барлық аймақларында бир қатар ири илажлар ҳәм жойбарлар әмелге асырылғаны, экология, аўылларды раўажландырыў, ТРМге ерисиў, гендер теңлиги ҳәм инклюзив сиясат сыяқлы бир қатар тараўларда сезилерли жетискенликлерге ерисилгенин атап өтти.

Өз гезегинде, Матильда Димовска Өзбекстан барған сайын раўажланып атырғаны, айырым мәмлекетлерде экономикалық стагнация жүз берип атырған бир шараятта Өзбекстанда өсиў бақланып, инсан кәмили индексиниң рейтингинде жоқары басқышларға көтерилип атырғанына тоқтап өтти. Булар өз-өзинен болмайтуғыны, мәмлекет басшысының исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм белгиленген режелерге қарай исенимли қәдеми себепли ерисилип атырғанын атап өтти. М.Димовска БМШ Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстанның бирге ислесиўи буннан кейин де избе-из даўам еттирилетуғыны, биргеликтеги жойбарлардың көлеми кеңейип баратуғынын мәлим етти.

Ушырасыў жуўмағында Сенат баслығы Матильда Димовскаға нәтийжели бирге ислесиў ушын миннетдаршылық билдирип, келеси жумысына әўмет тиледи.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы