Бүгин, 22-июнь күни саат 10:00де Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қырқ екинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Сенаттың баслығы Танзила Норбоева алып барып атырған мәжилисте сенаторлар, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Мәжилис күн тәртибине бола оннан аслам мәселе киргизилген. Көрилетуғын мәселелер ишинде 9 нызам бар.

Соның ишинде, «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ҳәм олардағы жойбарлардың коррупцияға қарсы экспертизасы ҳаққында», «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Атқарыў ҳүжжетлерин орынламағаны ушын салынатуғын ҳәкимшилик жәрийма муғдарын белгилеў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Наркологиялық кеселликлер профилактикасы ҳәм оларды емлеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы Есап палатасы жумысының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында», «Радиочастота спектри ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер киргизиў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Өзбекстан – Қазақстан Мәмлекетлик шегарасын демаркациялаў ҳаққындағы Шәртнаманы (Ташкент, 2022-жыл 22-декабрь) ратификациялаў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Пакистан Ислам Республикасы Ҳүкимети арасында әскерий-техникалық тараўда бирге ислесиў ҳаққындағы Келисимди (Исламабад, 2022-жыл 3-март) ратификациялаў ҳаққында», «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар көрип шығылады.

Буннан тысқары, музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын сақлаў және олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары бойынша Өзбекстан Республикасы Мәдений мийрас агентлигине жиберилген парламентлик сораўдың нәтийжелери додаланады.

 Н.Абдураимова, Носир Ҳайдаров (фото), ӨзА