Лондонның «Арсенал» клубы футболшысы Букайо Сака Түркиядағы жер силкиниўлер ақыбетинде жәбир көрген 26 шаңарақтың турақ жай мәселесинде жәрдем көрсетти. 

Футболшы BigShoe қайырқомлық жойбары тәрепинен шөлкемлестирилген акцияда қатнасып, Түркияның шығыс Адияман, Қаҳрамонмараш ҳәм Малатядағы шаңарақлар ушын турақ жай пулын төлеген. Буның нәтийжесинде шаңарақлар жасаў ушын барлық қолайлықларға ийе болған контейнерлерге орналастырылды.

«Жасаў ушын үйи болған ҳәр бир адам өзин әўметли деп есаплаўы мүмкин. Апатшылық адмаларды барлық нәрсесинен айырды. Бул олардың айыбы емес. Оларға жәрдем бериў мен ушын оғада әҳмийетли», — дейди «Арсенал» ҳәм Англия сайланды командасының 22 жасар вингери.


Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, февраль айында Түркия ҳәм Сирияда күшли жер силкиниў жүз берип, онда Түркияның 11 ўәлаятында 50,5 мың адам қайтыс болды. 107 мыңнан аслам адам жарақат алды.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы