Усы жыл 18-июнь Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев өзи аталыққа алған жаслар ҳәм олардың ата-аналары менен ушырасты.

Ушырасыўда Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар атап өтилди.  Әсиресе, қолында өнери бар жасларға имканиятлар жаратып бериў, оларды зәрүрли әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.

Илажда усындай өзин-өзи бәнт етиўин тәмийинлеўди қәлеўши жасларға тигиў машиналары, сантехникалық буйымлары тапсырылды. Спорт пенен шуғылланыўшы бир жасқа профессионал велосипед берилди. Сондай-ақ, бир неше жасқа жақын арада керекли үскенелер алып берилетуғынлығы атап өтилди. Жәрдемге мүтәж жаслардың бир топары материаллық жақтан қоллап-қуўатланды. Оқыўға кириў ушын арнаўлы таярлаў курсларында оқыў ушын қаржылай жәрдем көрсетилди.




-Жасларға көрсетилип атырған бундай ғамқорлықтан биз ата-аналар оғада қуўанышлымыз,-дейди ушырасыў қатнасыўшыларынан бири Қаншайым Жийемуратова.-Бүгин бир топар жасларға керекли әсбап-үскенелер тапсырылды. Бул олардың бәнтлигин тәмийинлеп, өзлериниң мийнети арқалы дәрамат табыўына хызмет етеди.

Ушырасыў соыңында Жоқарғы Кеңес Баслығы билдирилген усыныслар шеңберинде оларға шешим табыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги