Нөкисте Климат өзгериўине бейимлесиў бойынша илажларға жеке секторды тартыўдың инновациялық, финанслық механизмлери додаланды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен әмелге асырылып атырған «Өзбекстанда бейимлесиў илажлары ҳәм ҳәрекетлерин орта ҳәм узақ мүддетли режелестириўге жәрдемлесиў ушын экономика ҳәм аймақлардың климат өзгериўине ең әззи тармақларына қаратылған Миллий бейимлесиў режеси» жойбары шеңберинде өткерилген илажда сырт еллердиң усы бағдардағы қәнигелери онлайн ҳәм офлайн түрде баянат жасады.

-Климат өзгериўи энергетика, санаат ҳәм қала инфраструктураларының нәтийжели ислеўине, социаллық-экономикалық турақлылық ҳәм халықтың денсаўлығына тәсир көрсететуғын экстремал ҳаўа райы ҳәдийселери санының көбейиўи болып табылады,-дейди жойбар шеңберинде тартылған инновациялық, финанслық инструментлер бойынша халықаралық эксперт Тигран Сукиасян. – Бундай климат өзгериўине бейимлесиў тек мәмлекетлик сиясат болып қалмастан, жеке сектор ҳәм пуқаралық жәмийети ўәкиллериниң белсене, үзликсиз қатнасыўына да байланыслы.

Раўажланыў бағдарламасы, Жасыл климат фонды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Гидрометеорология хызмети агентлиги (Өзгидромет) менен биргеликте әмелге асырылып атырған Өзбекстанда Миллий бейимлесиў режесин ислеп шығыў процеси басланды. Буның ушын пилот аймақлар етип Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятлары таңлап алынып, жойбарды әмелге асырыў шеңберинде Өзгидрометтиң усы аймақлардағы бөлимлериниң қәнигелери менен мәсләҳәт ушырасыўлары өткерилди. Бул ушырасыўларға бир қатар министрликлердиң қәнигелери менен бир қатарда денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўы бойынша жеке сектор ўәкиллери де тартылды.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар тәрепинен көтерилген сораўлар климат өзгериўине бейимлесиў темасының елимизде қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетти.





Қатнасыўшылар суў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, турақ жай ҳәм климат өзгериўи апатшылықларының алдын алыўға жеке секторды тартыў бойынша алдыңғы халықаралық тәжирийбелерге тийкарланған инновациялық финанслық механизмлер менен таныстырылды. Сондай-ақ, жойбарды әмелге асырыў бойынша дүзилген жойбар топары тәрепинен усынылып атырған финанслық механизмлерди Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық шараятларына бейимлестириў бойынша қатнасыўшылардың пикир-усыныслары қабыл етилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги