Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети ҳәм «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды менен биргеликте және бир саламатлық акциясына старт берилди.

Бүгин Нөкиске 1,5 миллиард сум муғдарындағы 5 тоннадан аслам дәри-дәрмақ ҳәм медициналық затлар жүкленген «Саламатлық поезды» жетип келди. Акция шеңберинде усы поезд бенен келген Республикалық қәнигелестирилген медицина орайларының 200 ден аслам маман қәнигелери халықты тереңлестирилген медициналық тексериўден өткереди. Фтизиатр, травматолог-ортопед, врач реабилитолог, эндокринолог, цитолог, уролог, нейрохирург ҳәм басқа да қәнигелер 8 топарға бөлинип, республикамыздың Нөкис қаласы ҳәм районларында 14-июньға шекем халықты медициналық тексериўден өткереди.

Бүгин тексериўлер Нөкис қаласында, Кегейли, Төрткүл, Беруний, Мойнақ, Қанлыкөл, Хожели, Қараөзек районларында әмелге асырылмақта.

Акция республикамыз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги