«Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында өткерилип атырған фестиваль шеңберинде Бозатаў районындағы орайлық стадионда район аймағында жайласқан мәкеме-шөлкемлерде ислеўши жаслар ҳәм аўыллардағы жәмлеспеген жаслар арасында футбол бойынша Жаслар ислери агентлигиниң бириншилиги өткерилди.


Жарыс жуўмағында, 1-орынды Бозатаў районы спорт мектеби, 2-орынды Бозатаў футбол академиясы командалары ийелеген болса, 3-орынды «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйынының жәмлеспеген жаслары жеңип алды ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.



А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги жетекши шолыўшысы